Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар ушын қосымша орынлар саны артпақта

116

Өзбекстанда билимлендириў системасының барлық бағдарлары, әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў тараўында избе-из реформалар алып барылмақта. Бул бағдардағы ҳәрекетлер, бир жағынан, жас әўладтың интеллектуаллық ҳәм социаллық раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет етсе, екинши жағынан жәмийетте сапалы турмыс тәризин қәлиплестириўге тийкар жаратпақта.

Халықаралық тәжирийбелер соны көрсетеди, баланың ерте жасларында алған билими оның кейинги турмысы ҳәм кәсиплик жумысында шешиўши әҳмийетке ийе. Сол себепли, мектепке шекемги билимлендириўге инвестиция киргизиў тек ғана билимлендириўге емес, ал мәмлекеттиң келешегине қаратылған узақ мүддетли стратегиялық қарар болып есапланады.

Миллий статистика комитетиниӊ мағлыўматларына бола, 2024-жылы мәмлекет бойлап мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 33 мың 705 жаңа қосымша орын пайдаланыўға тапсырылған.

Бул көрсеткиш 2023-жылға салыстырғанда 16,5 процентке артқан болып, системада басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжесин айқын көрсетпекте. Қалаберди, жаратылған қосымша орынның 10 мың 410 ы қалаларда, 23 мың 295 и болса аўыллық жерлерде екени мектепке шекемги билимлендириўди аймақлар бойынша тең салмақлы раўажландырыўға болған итибарды сәўлелендиреди.

Бул санлардың артында тек ғана имаратлар санының артқаны емес, ал билимлендириўдиң сапасы, педагог кадрларды таярлаў, шаңарақлардың билимлендириўге болған исенимин беккемлеў сыяқлы әҳмийетли факторлар жатады. Себеби, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң бар екенлиги олардың сапалы жумыс алып барыўын кепиллемейди. Тийкарғы мәселе – бар имканиятлардан максимал дәрежеде нәтийжели пайдаланыў, балалардың индивидуал талапларын есапқа алған ҳалда оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириў.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА