Халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажлары өткериледи

Президент Шавкат Мирзиёев халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты.
Мәмлекетти раўажландырыў перспективаларын белгилеўде халықтың демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық өзгешеликлери, жасаў дәрежеси ҳәм абаданлығы, аўыл хожалығының жағдайын анықлаў жүдә әҳмийетли. Бунда дизимге алыў айрықша әҳмийетке ийе.
Елимизде улыўма миллий дизимге алыў соңғы мәрте 1989-жылы өткерилген. Кейинги жыллары бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Соның ишинде, “Халықты дизимге алыў ҳаққында”ғы нызам қабыл етилип, халықты ҳәр 10 жылда, аўыл хожалығын болса ҳәр 5 жылда кеминде бир мәрте дизимге алыў белгиленген.
Сонлықтан, 2021-жылы халықты, 2022-жылы болса аўыл хожалығын сынаў тәризиндеги дизимге алыў илажлары өткерилди. Бирақ толық дизимге алыўды өткериў ушын зәрүр факторлар ҳәм халықаралық тәжирийбелерди үйрениў және тийисли илажларды ислеп шығыў белгили бир ўақытты талап ететуғыны себепли, бул илаж кейинге қалдырылған еди.

Презентацияда халықаралық тәжирийбеден келип шығып ҳәм Жәҳән банки, ЮНФПА ҳәм ФАО шөлкемлериниң қатнасыўында ислеп шығылған халықты ҳәм аўыл хожалығын бир ўақытта дизимге алыў усынысы көрип шығылды.
Оған бола, Өзбекстанда дизимге алыў илажлары 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем өткериледи. Оның дәслепки 17 күни интернет арқалы, кейинги бир ай даўамында болса “мәҳәлле жетилиги”ниң қатнасыўында үйме-үй жүрип әмелге асырылыўы белгиленбекте.
Бул усыл арқалы қәрежетлер сезилерли қысқарып, 1,3 триллион сум қаржы үнемленеди. Сондай-ақ, дизимге алыў процесслери әпиўайы ҳәм ашық-айдын тәризде шөлкемлестириледи. Сораўлардың саны алдын режелестирилген 328 ден 71 ге қысқартылды.
Дизимге алыў нәтийжесинде Европа статистика конференциясының 2020-жылдағы усыныслары тийкарында 38 миллион халықтың қурамы ҳәм миграциясы, шаңарақлық жағдайы, жумыс түри, дәрамат дәреклери ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи.
Мәмлекетимиздеги аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў жағдайы, шарўа маллары ҳәм қуслардың саны анықланады. Бул арқалы аўыл хожалығына бағдарланып атырған жыллық 25,6 триллион сум, соның ишинде, 2,2 триллион сум бюджет қаржыларының нәтийжелилиги, тараўдағы хызметлердиң көлеми ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын зәрүр мағлыўматлар топламы жаратылады.

Дизимге алыў процесслерин нәтийжели әмелге асырыў ушын “мәҳәлле жетилиги” арнаўлы оқыў бағдарламасы тийкарында таярланады ҳәм хошаметленеди. Буның ушын Жәҳән банкиниң жәрдеминде әмелге асырылып атырған статистика системасын беккемлеў жойбарының қаржылары қаратылады.
Сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў жумыслары жолға қойылады. Арнаўлы көрсетиў ҳәм видеороликлер көрсетилип, пуқаралардың хабардарлығы арттырылады.
Улыўма, бул илажлар халық ҳәм аўыл хожалығының реал көрсеткишлерин анық белгилеў, мәмлекетлик бағдарламаларды мақсетли ҳәм нәтийжели әмелге асырыў ушын үлкен әҳмийетке ийе болады.
Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын системалы ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
ӨзА