Жылытыў мәўсиминде жәрдемге мүтәж шаңарақларға 1 миллион сумлық бир мәртелик жәрдем бериледи

93

2025-2026-жылғы жылытыў мәўсиминде жәрдемге мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылдың ноябрь айында 1 миллион сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи.

Соның ишинде, “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” арқалы балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем алыўшы шаңарақлар, “Кәмбағал шаңарақлар реестри”ндеги шаңарақлар, “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен қәлиплестирилген қосымша дизимге киргизилген шаңарақлар жәрдем алыўшы категориялар болып есапланады.

Сондай-ақ, қосымша дизимге төмендеги категориядағы шаңарақлар үстинлик тәртибинде киргизиледи: бағыўшысын жоғалтқан, I ямаса II топар майыбы болған ағзасы бар, майыплығы болған баланы күтип атырған, жылытыў системасы жоқ көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын, 3 ҳәм оннан аслам шаңарақ бир квартирада жасайтуғын, аўыр кеселликке шатылған наўқасты күтип атырған, жалғыз кексеси ямаса майыплығы болған пуқаралар.

Усы категорияға тийисли халық ўәкиллери усы жыл 25-сентябрьге шекем “Мәҳәлле жетилиги”не мүрәжат етиўи мүмкин. Бул ҳаққында Социаллық қорғаў миллий агентлиги мәлимлеме хызмети хабар берди. Бул илажлар халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

 

М.Комилова,

ӨзА