Миллий гвардия: “Киши жарылыў жүзеге келип, 10 ға шамалас әскерий хызметкер жарақатланды”

114

Миллий гвардияның ӨзАға мағлыўмат бериўинше, усы жылдың 10-сентябрь күни Нөкис дала оқыў майданында әмелий оқыў шынығыўы шөлкемлестирилген.

Шынығыў даўамында оқыў шынығыўы ушын мөлшерленген жарылыўшы арнаўлы қуралының детонация шнурының жарылыўы нәтийжесинде киши жарылыў жүзеге келип, шынығыў қатнасыўшыларынан 10 ға шамалас әскерий хызметкер ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алған. Оларға өз ўақтында биринши медициналық жәрдем көрсетилген ҳәм ҳәзирги ўақытта көрилген зәрүр илажлар нәтийжесинде әскерий хызметкерлердиң денсаўлығы тикленбекте.

Жағдай бойынша болса хызмет тексериўи тайынланған, ҳәзирги ўақытта жуўапкер басшылар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылмақта.

ӨзА