Суд-экспертиза тараўында ҳүжжетлер алмасыўы “E-ekspertiza” платформасы арқалы әмелге асырылады

Мәмлекетимиз басшысының “Суд-экспертлик жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм тараўға заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Бул қарар суд-экспертлик системасын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды. Атап айтқанда, Суд-тергеў уйымлары ҳәм суд-экспертиза шөлкемлери арасында ҳүжжетлер алмасыўы “E-ekspertiza” платформасы арқалы басқышпа-басқыш электрон түрде әмелге асырылатуғыны белгиленди.

Бул системаның жолға қойылыўы нәтийжесинде изертлеўлерди өткериў мүддети 8-15 күнге қысқарады ҳәм жылына 9-10 миллиард сум қаржы үнемленеди.
Әдиллик министрлиги тәрепинен Хадича Сулайманова атындағы Республикалық суд-экспертиза орайында өткерилген баспасөз конференциясында бул ҳаққында сөз етилди.

Адвокатларға ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ислерди жүргизиўде шәртнамаға муўапық адвокат сораўы тийкарында экспертиза өткериў ҳуқықы берилди.
Буннан тысқары, қарар менен аймақларда өткерилетуғын экспертизалар түрлерин көбейтиў арқалы орайластырыў мәселеси шешилди.

Илаж даўамында қатнасыўшылар орайдың жумысы менен жақыннан танысты.
Әмелге асырылып атырған жумыслар, атап айтқанда, орайда шөлкемлестирилген музей ҳәм лабораториялар, бөлимлердиң жумысы, жаратылған имканиятлар менен танысыў қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.
Н.Абдураимова, ӨзА