Сенаторлар “Эл-юрт умиди” қорының стипендиантлары менен ушырасты

96

Олий Мажлис Сенатында “Эл-юрт умиди” қорының усы жылғы биринши ашық стипендия таңлаўында табысқа ерискен жаслар менен ушырасыў болып өтти.

Бул ҳаққында senat.uz хабар бермекте.

«Ушырасыўда сенаторлар жеңимпаз жасларды қутлықлап, олардың билим алыў, шет тиллерин пуқта ийелеў, жаңа идея ҳәм басламаларды алға қойыў жолындағы умтылыслары мәмлекетимиз келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстанда 30 жасқа шекемги жаслардың саны 19 миллионнан асламды қурап, олар улыўма халықтың дерлик 60 процентин қамтып алған. Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан аслам жигит-қызлар кирип келмекте. Сонлықтан жасларды қоллап-қуўатлаў стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул бағдарда олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге қаратылған 100 ден аслам нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қабыл етилгени атап өтилди.

Ушырасыўда жаслардың билим алыўы, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик ҳәм стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў, заманагөй билим ҳәм кәсиплерди ийелеўи ушын жаратылған имканиятлар және “Эл-юрт умиди” қоры арқалы сырт елде билим алыў процесслери ҳаққында мағлыўмат берилди», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агантлиги