Ҳуқықый мәлимлемени жеткериўде инновациялық қатнаслар енгизиледи

94

“Ҳуқықый мәлимлемени проактив түрде жеткериў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент пәрманы (ПП-160) қабыл етилди.

Пәрманға бола, 2026-жыл 1-февральға шекем Өзбекстан Республикасы нызамшылық мағлыўматлары миллий базасы – Lex.uz арқалы “проактив нызамшылық” принципи тийкарында ҳуқықый мәлимлемени “ақыллы үгит-нәсият” түринде жеткериўдиң төмендеги системасы енгизиледи:

– Lex.uz Салық уйымларының электрон мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz менен интеграцияланады;

Нызамшылық тармақларының улыўма ҳуқықый классификаторының ҳәр бир коды Экономикалық жумыс түрлериниң улыўма мәмлекетлик классификаторының тийисли топарына ҳәм тийисли мәмлекетлик хызметке бириктириледи;

– исбилерменлик субъектлери ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслардың soliq.uz системасындағы жеке кабинетине олардың келисими тийкарында Экономикалық жумыс түрлери улыўма мәмлекетлик классификаторы ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс (жумыслар, хызметлер) түрлериниң дизими тийкарында олардың жумысына байланыслы жаңадан қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмунына байланыслы мәлимлеме ҳәм усы ҳүжжетке силтеме жибериледи;

– Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы пайдаланыўшыларының жеке кабинетине олардың келисими тийкарында олар тәрепинен пайдаланылған ямаса келешекте пайдаланылыўы мүмкин болған автоматикалық түрде әмелге асырылатуғын хызметлерди таллаў тийкарында күнделикли турмыста қолланыў ушын зәрүр болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге силтемелер жибериледи.

2026-жыл 1-январьға шекем Lex.uz системасы “E-qaror” ҳәм “E-kengash”  электрон платформалары менен интеграцияланады. Нәтийжеде, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый характерге ийе қарарлар Миллий базаға тиккелей жайластырылып барылыўы тәмийинленеди.

Пәрманға бола, 2026-жыл 1-марттан баслап ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша илажларды мониторинг етиў ҳәм баҳалаў системасынан ўаз кешкен ҳалда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң текстлерин орынлаўшыларға жеткериў, олардың мәниси ҳәм әҳмийетин орынлаўшылар ҳәм кең халық қатламына түсиндириў жумысларын “Ijro.gov.uz”  уйымлараралық бирден-бир электрон орынлаў тәртиби системасы арқалы қадағалаў тәртиби жолға қойылады. Онда:

– нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң текстлери “Ijro.gov.uz”  уйымлараралық бирден-бир электрон орынлаў тәртиби системасы ҳәм “Санлы мәҳәлле” бирден-бир платформасы арқалы “республика-ўәлаят-район-мәҳәлле” принципи тийкарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге және пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына жибериледи. Онда бул уйымлардың жумысына байланыслы ҳүжжетлер мәжбүрий танысыў ушын, басқа ҳүжжетлер мағлыўмат ушын жибериледи;

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси орынлаўшылар ҳәм кең жәмийетшиликке жеткерилиўи үстинен қадағалаў орнатыў мақсетинде Әдиллик министрлиги тәрепинен “Ijro.gov.uz” уйымлараралық бирден-бир электрон орынлаў тәртиби системасында Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў картотекасын жүргизиў жолға қойылады;

– Картотека тийкарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин жеткериў бойынша мәнзилли ҳуқықый үгит-нәсиятлаў илажларын әмелге асырады ҳәм орынланған жумыслар бойынша мағлыўматларды “Ijro.gov.uz”  орынлаў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасына киргизип барады.

ӨзА