Кекселердеги жалғызлық – жәмийетке ортақ мәселе

Бүгинги күнде демографиялық өзгерислер себепли халық арасында кекселер саны артып бармақта. Турмыслық тәжирийбеси бай, ақыллы әўлад ўәкиллери – бизиң алтын ғәзийнемиз. Бирақ, бул буўынның көпшилиги бир машқала алдында жалғыз қалмақта – бул социаллық жалғызлық.
Жалғызлық инсанның ең аўыр руўхый сынақларынан бири. Әсиресе, кекселик дәўиринде жақынларының узақласыўы, кәсиплик жәмиетшиликтен шегиниў, шаңарақтағы байланыслардың төменлеўи көпшиликти қыйнайды. Бул түсинбеўшиликке, қәўетерге, турмыстан қанаатланбаўға алып келеди. Психологлардың айтыўынша, жалғыз қалған инсан тек руўхый емес, ал денсаўлығында да қыйыншылықларға дус келеди.
Көбинесе, пенсияға шыққан адам узақ жыллар даўамында ислеген жәмәәтинен ажыралып, бослықты сезинеди. Балалары өз турмысы менен бәнт болып, гейде басқа қалаға ямаса сырт елге кетиўи мүмкин. Бундай ўақытта “мен енди ҳеш кимге керек емеспен бе?” деген ой кекселердиң жүрегин уўлайды.
Бирақ, бул мәселениң де шешими бар. Бәринен бурын, кекселерге итибар, меҳир, сүйиспеншилик ҳәм қатнасық қаншелли зәрүр. Ҳәр бир шаңарақ өз кексесин қәдирлеў, оларды тыңлаў, шын жүректен сәўбетлесиў – руўхый дәретиўдиң ең күшли жолы. Соның менен бирге, мәҳәлле, жәмийетлик шөлкемлер, психологлар да қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли орын ийелейди.
Жалғызлықтан қутылыўдың нәтийжели жоллары – улыўмалық илажларға, топарлы шынығыўларға, мәдений жыйналысларға тартыў. Бундай орталықта кекселер жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзасы екенин және бир мәрте сезинеди.
Сонлықтан, кекселердеги социаллық жалғызлық – тек ғана жеке адамның емес, пүткил жәмийеттиң машқаласы. Кекселеримиздиң руўхый саламатлығын сақлаў жәмийеттиң турақлылығы ушын да әдет.
Қысқасы, жалғыз қалған ғаррыға ең зәрүр нәрсе – кеўил бөлиў, сөзге тартыў, қәдирлеў. Бүгин кекселеримизге қандай итибар берсек, ертең бизге де сондай итибар қайтып келеди.
Саламат Шамшетдинов,
Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районы «Инсан» социал хызметлер орайы қәнигеси