Және Хамас басшылығы нышанаға алынды

127

Дохада жүз берген жарылыў ХАМАСтың жоқары мәртебели ҳәмелдарлары ҳәм Палестина рәсмийлерине қастыянлық екени айтылмақта. Бул өз-ара оқ атыўды тоқтатыў бойынша сөйлесиўлерде тийкарғы дәлдалшы, региондағы ең ири АҚШ әскерий бөлими Ал-Удайд ҳаўа базасы жайласқан мәмлекет – Қатарға Израиль тәрепинен берилген дәслепки сондай ҳүжим болып есапланады.

Израиль Газа, Ливан, Йемен ҳәм Сирияны бомбалап, Палестинадағы басып алынған Батыс Жағысқа дерлик ҳәр күни топ атпақта. Хамастағы дерек “Ал-Жазира” телеканалына мәлим етиўинше, бул рет қарама-қарсы тәрептиң сөйлесиўшилер топары нышанаға алынған. Олар АҚШтың соңғы келисим усынысын додалаў ушын жыйналып атырған ўақытта ҳүжим жүз берген.

Қатар Сыртқы ислер министрлигиниң ўәкили Мажид Ал-Ансорийдиң билдириўинде мәмлекет ХАМАС сиясий бюросының бир неше ағзасы жасайтуғын турақ жай объекти нышанаға алынған бул ҳәрекетти “кескин қаралайды”. Имаратта топар басшыларынан кеминде бес адам болған, деп хабар берген “Al-Hadath” телеканалы. Тийисли дереклер хабаршыға Израиль ҳүжими ўақтында Газа секторындағы Хамас жетекшиси, сөйлесиў топарының басшысы Халил Ал-Хайя, ҳәрекеттиң сырт елдеги ўәкилханасының басшысы Холид Машъал, Батыс Жағыстағы аэродром сәркардасы Зоҳир Жабарин ҳәм сиясий бюро ағзасы Низар Аудоллоҳ қайтыс болғанын тастыйықлаған. Ҳүжим ўақтында басқарманың және бир ағзасы Ғози Хамад та имаратта болған, бирақ оның тәғдири ҳәзирше белгисиз.

Хамас бул хабарларға рәсмий түсиник бермеген. Алдынырақ Израиль армиясы баспасөз хызмети Хамас жоқары басшылығына анық соққы берилгенин жәриялаған, бирақ әмелият анық қай жерде орынланғанына анықлық киргизбеген еди.

Қатар рәсмийлери Израильды айыплап, әпиўайы халық қәўип астында қалғанына итибар қаратқан. Израиль болса Қатар пайтахтына соққы бергенин еле рәсмий түрде тастыйықламады.

М.Пирматова, ӨзА