Өзбекстан ҳәм Түркия: билимлендириў, мәденият, волонтёрлық ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша биргеликтеги басламалар әмелге асырылмақта

97

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети және Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслықлары Орзигул Козихонова ҳәм Алишер Агзамхўжаев Түркияның Әдиллик ҳәм раўажланыў партиясы баслығының орынбасары, партияның түркий мәмлекетлер менен бирге ислесиў басқармасының басшысы Куршад Зорлу басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы бирге ислесиў, атап айтқанда, жаслар сиясаты ҳәм парламентлераралық байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанның ашық ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаты халықаралық майданда мәмлекетимизди исенимли шерик сыпатында танытыўға хызмет етпекте. Регионаллық турақлылықты тәмийинлеў, жақсы қоңсышылықты беккемлеў ҳәм халықаралық шерикликти кеңейтиў бул сиясаттың тийкарғы бағдарларынан болып есапланады.

Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Түркия арасында жаслар мәселелери бойынша избе-из ҳәм нәтийжели бирге ислесиў қәлиплеспекте. Билимлендириў, мәденият, волонтёрлық ҳәм жаслар жойбарлары бағдарларында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Ушырасыўда елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша көрилип атырған илажлар, қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, “Жаслар дәптери” системасы арқалы жасларды қоллап-қуўатлаў, олар арасында исбилерменликти раўажландырыў, жоқары билимлендириўдеги жетискенликлер ҳаққында пикир билдирилди.

Н.Абдураимова,

Р.Назарматов (сүўрет),

ӨзА