Түркияныӊ партиясы менен бирге ислесиў жолға қойылмақта

Бүгин Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетинде Түркияның “Әдиллик ҳәм раўажланыў” партиясы баслығының орынбасары З.Сиракая басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы А.Ҳаитов еки мәмлекет арасындағы қатнасықлар избе-из раўажланып атырғаны, Түркия Өзбекстан ғәрезсизлигин биринши болып тән алғаны, усы тарийхый ўақыядан берли Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық байланыслар барлық бағдарларда кеңнен раўажланып атырғанын атап өтти:
– Әсиресе, соңғы сегиз жыл ишинде Өзбекстан – Түркия қатнасықлары пүткиллей жаңа сапа дәрежесине шықты. Мәмлекетимизде түрк бирге ислесиўшилер менен биргеликте 100 ден аслам биргеликтеги жойбарлар нәтийжели әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, улыўма баҳасы 10 миллиард доллар болған перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилгени, өз-ара саўда көлеми барған сайын артып атырғаны да буған айқын мысал болады. Қалаберди, еки мәмлекеттиң халықаралық структуралар шеңбериндеги жумысы, атап айтқанда, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги нәтийжели жумысы еки халықты бир-бирине жақынластырыўға хызмет етпекте. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған арасындағы өз-ара исенимге тийкарланған қатнасықлар Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында жедел раўажланып барыўына беккем тийкар жаратпақта,-деди партия жетекшиси.
Өз гезегинде, Түркияның “Әдиллик ҳәм раўажланыў” партиясы баслығының орынбасарлары З.Сиракая ҳәм К.Зорлу Өзбекстандағы реформаларды тән алды. Өзбекстан менен қатнасықлар Түркия халықаралық қатнасықларында бәрқулла әҳмийетли орын ийелеп келгенин, бул Өзбекстанның Орайлық Азияда жайласқан өзине тән орны менен ғана емес, ал еки халықты жүз жыллар даўамында бирлестирип турған тарийхы менен де байланыслы екенин атап өтти.
Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў ҳәм жақынлық бағдарындағы ҳәрекетлерге Өзбекстан ҳәм Түркия жетекши сиясий күшлери де өз үлесин қосыўы мақсетке муўапық екенлигине итибар қаратылды. Усы мақсетте партиялараралық байланысларды беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Ҳәр еки партияның халықтың абаданлығын арттырыў, мәмлекетлердиң жәмийетлик-сиясий, экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў жолындағы ҳәрекетлери бир-бирине үнлес екенлиги, оларды әмелге асырыўда халықаралық бирге ислесиў механизмлерин иске қосыў ҳәр еки тәреп ушын да пайдалы екени атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында еки тәреп арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм оған анық мазмун бағышлаў мақсетинде өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандумға қол қойылды.
Бул ҳүжжет шеңберинде өз-ара тәжирийбе алмасыў, еки мәмлекет парламентлери ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымлардағы партия депутатлық топарлары арасында, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар қанатлары және еки партияның таллаў орайлары арасында бирге ислесиў қатнасықларын орнатыў мәселелери нәзерде тутылған.
Ушырасыў соңында партиялараралық бирге ислесиў халықларымыз арасындағы дослықты, өз-ара байланысларды буннан былай да беккемлейтуғынына исеним билдирилди.
Күн даўамында Түркия “Әдиллик ҳәм раўажланыў” партиясы делегациясының ўәкиллери Ташкенттеги “Түрк Ортаокулу ве Лисеси”не барып, оның жумысы менен танысыўы ҳәм парламенттиң еки палатасында ушырасыўлар өткериўи режелестирилген.
Муҳтарама Комилова,
Рустам НАЗАРМАТОВ (сүўрет), ӨзА