Кәрханалар ушын керекли кәсиплер кесиминде стандарт ҳәм талаплар ислеп шығылады

65

Быйылдан баслап жоқары оқыў орынларында қабыллаў квоталарын инвестициялық жойбарларда кадрларға болған талаптан келип шығып қәлиплестириў системасы жолға қойылды.

Енди инвестордың буйыртпасы менен техникумларда да кадрлар мақсетли таярланады. Инвестордың сораўына тийкарланып техникумдағы билимлендириў бағдарламаларын 30 процентке шекем өзгертиў мүмкин болады.

Техникум менен дуал тәлимди жолға қойған кәрханаларға жеңиллетилген кредит ажыратылады.

Соның менен бирге, тармақ бирлеспелери өзлерине ағза жумыс бериўшилердиң маманлық талапларын таярлап бере алмай атырғаны, ақыбетинде кәрхана да зыян көрип атырғаны, техникумлар да не оқытыўды билмей атырғаны бойынша наразылық билдирилди.

Жуўапкерлерге жылдың ақырына шекем жаңа агентлик пенен биргеликте тармақлардағы кәрханалар ушын керекли кәсиплер кесиминде стандартлар ҳәм талапларды ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилис даўамында тараў ҳәм аймақлар жуўапкерлериниң есабатлары тыңланды, билимлендириў шөлкемлериниң басшылары менен сөйлести.

ӨзА