Мәҳәлледеги жаслар жетекшилери оқыўшылардың мектептен тысқары ўақтын мазмунлы өткериўи ушын жуўапкер болады

Күни кеше Президентимиз мектептен тысқары билимлендириўди жаңа басқышқа алып шығыў, оқыўшылардың бос ўақтын мазмунлы өткериў бойынша қарарға қол қойды.
Орынлардағы 219 “Бәркамал әўлад” мектеби, “Ёшлик” спорт жәмийети, Оқыўшы жаслар орайы ҳәм Өзбекстан балалар шөлкеми негизинде республика, аймақ ҳәм районларда “Келешек” орайлары шөлкемлестириледи.
“Келешек” орайлары мектеплер менен үзликсиз ҳәм мақсетли илажларды жанландырып, инженерлик, илим, мәденият, көркем өнер, китапқумарлық, спорт ҳәм экология бағдарлары бойынша оқыўшыларды дөгереклерге тартады.
Бул система менен барлық мектеплер қамтып алынатуғыны атап өтилди. Ҳәр бир орта мектепте мәсләҳәтши лаўазымы енгизиледи. Мәсләҳәтшилер оқыўшылардың қәбилети ҳәм қызығыўшылығына қарап, тил, кәсип, инженерлик, дөретиўшилик, көркем өнер ҳәм спорт дөгереклерин шөлкемлестиреди.
Руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарлары класс басшысы, мектеп психологи менен минез-қулқында унамсыз өзгерис болған оқыўшылардың билимлендириў ҳәм шаңарақтағы машқалаларын үйренип, оларды жеңип өтиўге жәрдемлеседи.
Мәҳәлледеги жаслар жетекшилери болса оқыўшылардың мектептен тысқары ўақтын мазмунлы өткериўи ушын жуўапкер болады.
Ең тийкарғысы, енди мектеплерде оқыўшылардың дөгереклерде, спорт, волонтёрлық ҳәм олимпиадаларда ерискен нәтийжелери бойынша “санлы портфели” қәлиплестирилип, электрон сертификатта көрсетиледи.
ӨзА