Ўәлаятларда Ал-Хорезмий, Мырза Улығбек ҳәм Ибн Сина мектеплериниң филиаллары шөлкемлестириледи

68

Өткен жылдан баслап 1-классларда мәлимлеме технологиялары сабақлары жолға қойылды. Кейинги оқыў жылынан жоқары класслар ушын жасалма интеллект бойынша сабақлар киргизиледи.

Оның ушын 2 мың класс ханасына компьютер, 6 мың 300 интерактив доска керек. Бул мақсетлерге зәрүр қаржыларды келеси жылы мәмлекетлик бюджетте нәзерде тутыў тапсырылды.

Қәбилетли оқыўшыларға шараят жаратыў ушын ўәлаятларда мәлимлеме технологияларына қәнигелескен Ал-Хорезмий, инженерлик бойынша Мырза Улығбек, тәбийғый пәнлер бағдарында Ибн Сина мектеплериниң филиаллары шөлкемлестириледи.

Енди олардың барлығы аймақлардағы техника жоқары оқыў орынларына атпа-ат бириктириледи. Жақсы нәтийжеге ерискен питкериўшилер усы жоқары оқыў орынларының 2-курсына қабыл етиледи.

2026-жылы мектеп оқыўшылары арасында ең абырайлы еки – халықаралық химия ҳәм информатика олимпиадалары Орайлық Азия мәмлекетлери ишинде биринши мәрте Өзбекстанда болып өтеди.

Бас министрге пайтахтымызда бул олимпиадаларды жоқары дәрежеде өткериў ушын барлық шөлкемлестириў мәселелерин қадағалаўға алыў тапсырылды.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

 

ӨзА