Үш жылда қәбилетли оқыўшылар ушын 201 қәнигелескен мектеп шөлкемлестирилди

72

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында билимлендириў тараўындағы реформалардың орынланыўы ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Мәжилис күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – мектеп билимлендириўи.

Алыс аймақлардағы 74 мың оқыўшы ҳәзирги күнге шекем 5-7 километр узақлықтан мектепке қатнайтуғыны атап өтилди.

Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ҳәкимлери бул мәселени ишине кирип, қаржысын шешип, 100 мектепте бийпул автобус қатнаўын жолға қойған. Самарқанд ҳәм Жиззақ ўәлаятларының ҳәкимлери де бир айда 100 усындай мектепке автобус қатнаўын жолға қойыў басламасы менен шыққан.

Бул қалған аймақлар ушын үлги екени көрсетип өтилди.

Үш жыл ишинде қәбилетли оқыўшылар ушын 201 қәнигелескен мектеп шөлкемлестирилди. Бирақ 12 қәнигелескен мектепте қурылыс-оңлаў жумыслары елеге шекем жуўмақланбағаны атап өтилди.

Тийисли ўәлаятлардың ҳәкимлерине жумысларды жылдың ақырына шекем жуўмақлаў тапсырмасы берилди.

 

ӨзА