Ҳәкимлерге 118 бақшалардағы ханаларды оңлап үскенелеў ўазыйпасы жүкленди

64

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында билимлендириў тараўындағы реформалардың орынланыўы ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Усы жылы бақша орынларын қосымша 182 мыңға көбейтиў режелестирилген. Олардың 82 мыңы жаңа бақшалардың үлесине туўра келеди.

Районлардың ҳәкимлери қалған орынлардың нениӊ есабынан жаратылыўын ойламай атырғаны сынға алынды.

Мысал ушын, 118 бақшалардағы 255 хана оңлаўға мүтәж болғаны ушын бос тур. Ямаса орынларда 8 бақшаны қурыў ҳәм оңлаў 2-3 жылдан берли созылып атыр.

Шымбай, Ғәллеарал, Қызырық, Байсындағы биреўден бақша еле оңланбаған. Дийқанабад, Сариосиё, Бостанлық, Нурафшанда биреўден жаңа бақша қурылысы жуўмақланбаған.

Ўәлаят ҳәм районлардың ҳәкимлерине 118 бақшалардағы ханаларды оңлап үскенелеўге, және 8 бақшаны толық иске қосыўға 1-ноябрьге шекем мүддет берилди, керисинше жағдайда тийисли илажлар көрилиўи ҳаққында ескертилди.

 

ӨзА