Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң барлық орынбасарлары жумыстан босатылды

79

Усы жылдың басынан халықаралық пән олимпиадаларында оқыўшыларымыз 195 медальды қолға киргизди. Оларға арттырылған ставкада жәми 10 миллиард сум, тренер муғаллимлерге болса 3,5 миллиард сум ақшалай сыйлық бериледи.

Шет тили ийелери тартылған 1 мыңнан аслам мектепте тил бойынша сертификат алған оқыўшылардың саны бир жылда 2,5 есеге көбейди.

– Дурыс, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўинде өзгерислер болып атыр, бағдарламалар ислеп атыр, нәтийжелер бар. Бирақ кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириўге жуўапкерлер елеге шекем билимлендириўдеги реформалардың мазмунын толық түсинип жеткен жоқ,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Сол себепли, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң барлық орынбасарлары – биринши орынбасар Шохруҳ Далийев, орынбасарлар Отабек Маҳкамов ҳәм Сарвархон Бузрукхонов жумыстан босатылғаны жәрияланды.

Сондай-ақ, Президент пәрманы ҳәм қарары менен Президент Администрациясы жанындағы Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлигиниң директоры Адҳам Худайкулов басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлигиниң директоры Шароф Ражаббаев лаўазымынан босатылды.

Енди мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи сондай-ақ, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлери, олардың орынбасарлары, ҳәкимлер превентив ҳәм проактив жумыс ислеўге өтип, билимлендириўдиң барлық бағдарларында үлкен өзгерис ислеўи шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

ӨзА