Бүгин өз үстинде ислеген 60 мыңнан аслам муғаллим 10-12 миллион сум айлық алмақта – Президент

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи тараўындағы реформалардың орынланыўы ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Мәжилисте тартылып атырған инвестицияларға, жаңадан ашылып атырған кәрханаларға жараса мүнәсип кадрлар да таярланыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Өткен дәўирде муғаллимлердиң айлығына қосымша 10 нан аслам үстемелер енгизилди.
– Итибар бериң, бүгин өз үстинде ислеген 60 мыңнан аслам муғаллим 10-12 миллион сум айлық алмақта. Бул қашан болған, – деди Президент.
Усы айдан баслап мектеп директорлары, бақша басшылары ҳәм олардың орынбасарларының айлығы да 10 миллион сумнан асты. Жаңа баҳалаў системасына өткен 1,5 мың мектептиң 300 и унамлы нәтийже көрсеткени ушын пүткил жәмәәти 40 процентке шекем үстеме алады.
– Мен халқымызға ўақты келип муғаллимлердиң мийнет ҳақысын мың долларға жеткеремиз деген сөзлерим мине үш жыл ишинде ҳақыйқатқа айланды,-деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА