Зорлық еткен шахсларға қурал алыў ҳуқықын бермеў нәзерде тутылмақта

130

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Адолат” СДП фракциясының мәжилисинде Мәмлекетлик бюджет ҳәм мақсетли қорлар бюджетлериниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўы қызғын додаланды.

Буннан соң депутатлар қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўға қаратылған нызам жойбарын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары суўық қуралды нызамсыз түрде жәмийетлик орынларда алып жүриў жағдайлары кескин көбейип, бул жағдай жәмийетлик қәўипсизлик, пуқаралардың тыныш турмысына ҳәм ҳуқықый тәртипке қәўип салмақта. Бул нызам жойбарында усындай ҳуқықбузарлықларды қайтадан ислеген шахсларға жуўапкершилик илажларын күшейтиў белгиленбекте.

Шаңарақлық басым өткериў ҳәм зорлық жынаятын ислеген шахсларға қурал алыў ҳуқықын бермеў ҳәм балаларға зорлық ислеген шахсларда бар қуралларды ишки ислер уйымлары тәрепинен ўақтынша алып қойыў тәртибин енгизиў белгиленбекте.

Усыныс етилип атырған және бир әҳмийетли өзгерис наркологиялық кеселликке шатылған шахсларды емлеў тәртибине байланыслы болып, жойбарда бир мәрте ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған шахс та суд қарары менен емлеўге жиберилиўи мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.

Додалаўларда фракция ағзалары жойбарды жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўи ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, криминоген жағдайды турақластырыў, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығын және де қорғаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА