Қарабаслардан қорғаўшы шулық жаратылды (+видео)

133

“Ойлап табыў”

Бүгинги күнде ыссы үлкелер, соның ишинде, Республикамызда да ыссы күнлерде инсан денесиниң көп терлеўи нәтийжесинде түрли қарабаслы кеселликлер ҳәм жағымсыз ийислердиң пайда болыўы бақланады. Әсиресе, аяқларда ушырасатуғын онихомикоз сыяқлы кеселликлер микроорганизмлер тәсиринде раўажланады.

Өзбек илимпазлары тәрепинен бул машқалаға шешим изленип, гүмис нанобөлекшелери тийкарында бактерицид материаллар ислеп шығыў технологиясы жаратылды. Гүмис нанобөлекшелери өзиниң күшли антибактериал ҳәм антифунгал қәсийетлери менен белгили болып, олар 700 ден аслам бактерия, қарабас ҳәм вирусларға қарсы нәтийжели тәсир көрсетеди.

Елимиз илимпазлары биринши мәрте нанотехнология принциплерин қолланған ҳалда, қурамында гүмис нанобөлекшелери болған арнаўлы еритпе жәрдеминде пахта талшықларынан таярланған бактерицид шулықлар ислеп шығыў усылын ислеп шықты. Изертлеў нәтийжелери соны көрсетти, бул өнимлер ҳәттеки, бир неше мәрте жуўылғаннан соң да өзиниң антибактериал тәсирин сақлап қалады.

Нәтийжеде тек ғана терлеў ҳәм жағымсыз ийислердиң алды алынады, ал бактериал ҳәм қарабас кеселликлеринен қорғаў да тәмийинленеди.

Қолланба бойынша №ИАП05250 санлы патент алынған ҳәм өндирис кәрханасы базасында жолға қойылған.

Жаңа технология тийкарында ислеп шығарылатуғын шулықлар сапалы, арзан ҳәм импорттың орнын басатуғын болыўы менен бирге, кең тутыныўшылар ушын мөлшерленген. Сол арқалы жергиликли базарда саламат турмыс тәризине үлес қосатуғын инновациялық өним пайда болды.

Толық мағлыўмат “Ихтиро” бағдарламасында:

 

ӨзА