Бюджет қәрежетлериниң дерлик 50 процентин социаллық қәрежетлер қурамақта

Ҳәзирги ўақытта Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтпекте. Онда депутатлар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўы ҳаққындағы есабатты көрип шықпақта.
Бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Экономика ҳәм қаржы министри Ж.Қўчқоров баянат жасамақта.
Министр өз есабатында дүнья экономикасындағы өзгериўшеңлик ҳәм жоқары анықсызлық шараятында, аймақларда халықтың бәнтлиги ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша илажлар ҳәм әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жалпы ишки өнимниң көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 7,2 процент, санаат өнимлерин ислеп шығарыў 6,6 процент, базар хызметлери 13,3 процент, қурылыс жумыслары 10,7 процент ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў 4,0 процентке артқанын атап өтти.

Атап өтилгениндей, тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың көлеми 273,4 триллион сумды қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 5,5 процентке өскени мәмлекетимизде турақлы экономикалық өсиў процесслери даўам етип атырғанын көрсетпекте. Бул болса, өз гезегинде, халықтың реал дәраматлары 9,5 процентке артып, халықтың абаданлығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы жылдың биринши ярым жыллығында мәмлекеттиң сыртқы саўда айланысы 37,0 млрд. долларды қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 16,1 процентке артқан.
Есап бериў дәўиринде Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 103,4 процентке орынланған. Қәрежетлер бойынша реже көрсеткишлери 96,8 процентти қураған. Бул бюджет турақлылығы тәмийинленгенинен дәрек бермекте.
Есабатта атап өтилгениндей, 2025-жылдың биринши ярым жыллығында Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 144,2 трлн. сумды қурап, 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 19,2 процентке артқан ҳәм дерлик барлық салық түрлери бойынша белгиленген реже көрсеткишлери толық орынланған. Мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлери болса есап бериў дәўиринде 173,3 трлн. сумды қурап, 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 16,0 процентке өскен. Онда социаллық турақлылықты тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм пуқаралар ушын мүнәсип шараятлар жаратыў мәмлекетлик қаржы сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында сақланып қалып атырғаны депутатлар тәрепинен айрықша атап өтилди.
Атап айтқанда, усы жылдың биринши ярым жыллығында социаллық қәрежетлер ушын Мәмлекетлик бюджеттен 86,2 трлн. сум ямаса 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 12,1 трлн. сумға көп қаржы қаратылған. Бул болса жәми қәрежетлердиң 49,8 процентин қурайды. Бул қаржылардың көпшилиги билимлендириў тараўына қаратылды. Соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў тараўына бағдарланған қаржылардың көлеми 7,17 триллион сумға жетти. Мәмлекетлик емес МШБШ ларды раўажландырыў мақсетлерине 1,8 трлн. сум субсидия ажыратылды. Мектепке шекемги билимлендириў жасындағы балалардың 77 проценти МШБШ ға қамтып алынды.
Магистратура басқышында оқып атырған 7 мыңға шамалас қызлардың 47,5 млрд. сумлық контракт пуллары төлеп берилди. Сондай-ақ, бакалавр басқышындағы 7,6 мыңға шамалас ҳаял-қызлардың контракт төлемлери ушын 81 млрд. сумлық тәлим кредитлери ажыратылды.
Мәжилис өз жумысын даўам еттирмекте.
ӨзА