Трамп енди Газа урысын тоқтатыўға киристи ме (ме?) (+видео)

143

АҚШ Президенти Дональд Трамптың айтыўынша, Израиль ҳүкимети Газадағы урысты тоқтатыў шәртин қабыл еткен. Ҳәзирше Америка жетекшиси қандай шәртлер алға қойылғанына анықлық киргизбеген. Тек ғана Хамасқа “соңғы ескертиў” берилип атырғанын айтқан.

Трамп екшемби күни Хамасты тынышлық усынысын қабыл етиўге шақырды. Оның пикиринше, Израиль разы. Енди ХАМАС та көниўи керек.

АҚШ басшысы социаллық тармақта былай деп жазған:

– Барлық туткынлар үйине қайтыўын, урыстың тамам болыўын қәлейди. Бул Хамас ушын ақырғы ескертиў!

Тийисли усыныс екшемби күни Президенттиң арнаўлы ўәкили Стив Уиткоф тәрепинен жеткерилген. Ҳүжжетке бола, Хамас тезлик пенен барлық тутқынларды босатса, өз гезегинде Вашингтон Израиль әскерий әмелиятының тоқтатылыўын кепиллейди. Израиль ҳүкимети шама менен үш мың палестиналы қамақтағыларды азат етиўге разы.

Ҳәзир Газа қаласында 48 тутқын қалған. Болжаўға бола, олардан 20 сы тири.

Трамп алдын да Хамасқа усындай ультиматум қойып, сонда да “соңғы ескертиў” бергенин айтыў керек.

Вашингтондағылардың пикиринше, бул ретки усыныс узақ созылған тартысты сапластырады.

ӨзА