Онлайн ойынларға бағынышлылыққа қарсы онлайн программа ислеп шығылды

Қытайда онлайн – ойынларға қарсы гүресиў ушын жүдә әжайып бағдарлама ислеп шығылды. Бул киберспорт орайының қатнасыўшылары ҳәр күни саат 9:00 ден кешки 12:00 ге шекем, яғный 15 саат даўамында тек ғана ойын ойнайды.
Тәнепис тек түслик ҳәм жуўырыў ушын.
Қалған ўақытта ойыншыларға орнынан турыўға да руқсат жоқ. Мақсет – ойынға бағынышлылықтан шығыўға жәрдем бериў. Бирақ бул – ойын арқалы ойынға бағынышлылықтан емлеў дегени.
Курслар тегин емес.
1 ҳәптелик курс баҳасы – бир неше жүз доллар. Толық 22 күнлик курс болса – 1400 доллар.
Шөлкемлестириўшилердиң айтыўынша, бул арқалы жаслар тәртипке, мақсетли турмысқа ҳәм профессионал киберспортқа бағдарланады.
Бирақ сыншылар бул усылды денсаўлық ушын қәўипли, психологиялық басымға тийкарланған ҳәм тек ғана пул табыўдың усылы деп баҳаламақта.
Енди сораў туўылады:
Ҳақыйқатында да ойын арқалы ойынға бағынышлылықтан қутылыў мүмкин бе?
Ямаса бул тек ойынның басқаша түри ме?
Мадинабону НАСРИЕВА, Улуғбек ТОХТАЕВ, ӨзАның хабаршылары