Магистратураға қабыл етилген ҳаял-қызлардың контракты мәмлекетлик бюджеттен төлеп бериледи

140

Өзбекстанда ҳаялқызлардың билим алыўына кеңнен имканиятлар жаратыў бойынша үзликсиз жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул ҳәрекетлердиң логикалық даўамы сыпатында 2025-2026-оқыў жылында мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасында билим алып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт қаржылары мәмлекет тәрепинен қаплап берилетуғыны белгиленди. Бул баслама ҳаял-қызлардың жоқары билимлендириўдеги қатнасы ҳәм илимге болған қызығыўшылығын және де арттырыўға хызмет етеди.

Оның ушын ҳаял-қызлардан төмендегилер талап етиледи:

– Арзалар 2025-жыл 15-сентябрьге шекем билим алып атырған ЖОО баслығы атына тапсырылыўы шәрт. Кейин берилген арзалар көрип шығылмайды;

– Арзалар 3 жумыс күнинде көрип шығылады, улыўма дизим болса 5 жумыс күнинде министрликке жибериледи. Контракт қапланыўы ҳаққындағы буйрық 2025-жыл 15-октябрьге шекем қабыл етиледи.

Бул мәмлекетлик жәрдем ҳәммеге бирдей тийкарда қолланылмайды. Жеңилликтен пайдаланыў имканияты төмендеги категорияларға тийисли емес:

– Мүддети кешиктирилген арзалар;

– Тәртипли контракт тийкарында оқыўшылар;

– Мәмлекетлик емес ЖОО магистратурасында оқып атырғанлар.

Бул жеңиллик ҳаял-қызлар ушын тек ғана финанслық жәрдем болып қалмастан, ал олардың билим алыў, кәсиплик өсиў ҳәм жәмийетте белсене қатнасыў имканиятларын кеңейтеди. Соның менен бирге, белгиленген шәртлер ҳәм мүддетлерге әмел етиў үлкен әҳмийетке ийе. Арзаны өз ўақтында тапсырыў мәмлекетлик жәрдемди алыўдағы биринши қәдем.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзАның хабаршысы