Мәмлекетимизде суд-экспертлик жумысы санластырылады

120

Усы жыл 8-сентябрь күни “Суд-экспертлик жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм тараўға заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.

Суд-экспертлик жумысын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:

– суд-экспертлик жумысын санластырыў ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыў арқалы изертлеўлердиң жеделлиги, қалыслығы ҳәм толықлығын тәмийинлеў;

– суд-экспертиза шөлкемлери ҳәм экспертиза тайынлаўшы уйымлардың мәлимлеме системаларын өз-ара интеграциялаў арқалы тараўда электрон ҳүжжетлер алмасыў көлемин 100 процентке жеткериў.

Қарарға бола, судлар, тергеўге шекем тексериў, сорастырыў, дәслепки тергеў ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы жумысларды көрип шығыў ўәкиллигине ийе уйымлар менен электрон ҳүжжетлер алмасыўын тәмийинлейтуғын “E-ekspertiza” мәлимлеме системасы суд-экспертиза шөлкемлериниң жумысына толық енгизиледи.

“E-ekspertiza” платформасы ҳәм экспертиза тайынлаўшы уйымлардың мәлимлеме системалары арасында электрон мәлимлеме алмасыўы төмендеги басқышларда жолға қойылады:

– 2026-жыл 1-январьдан республика дәрежесиндеги экспертиза тайынлаўшы уйымларда;

– 2026-жыл 1-июньнен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы дәрежесиндеги экспертиза тайынлаўшы уйымларда;

– 2026-жыл 1-сентябрьден район (қала) дәрежесиндеги экспертиза тайынлаўшы уйымларда.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

 ӨзАның хабаршысы