Өзбекстан футболшылары регионаллық кубокти қолға киргизди

99

Пайтахтымыздағы Олимпия стадионында “CAFA Nations Cup” турнириниң финал ойыны болып өтти. Оны Президент Шавкат Мирзиёев барып көрди.

Финалда Өзбекстан ҳәм Иран миллий сайланды командалары беллести. Тийкарғы ўақытта гол урылмағаны ушын, қосымша таймлар белгиленди. Олар да теңбе-тең болып, ойын пенальтилер сериясына қарай баратырған ўақытта Өзбекстан жеңис голин киргизди. 120-минутта қанаттан асырылған топты Ҳожиакбар Алижонов басы менен қарсылас дәрўазасына жоллады.


Усы тәризде Өзбекстан миллий сайланды командасы 2025-жылғы “CAFA Nations Cup”  жеңимпазы болды.

Жеңимпаз футболшыларымызға алтын медаль ҳәм кубокти Президентимиз Шавкат Мирзиёев тапсырды. Сыйлықлаў мәресиминде ФИФА басшысы Джанни Инфантино ҳәм басқа да рәсмий шахслар қатнасты.


Бул кубок ойынлары жәҳән чемпионатына шыққан футболшыларымыз ушын жақсы таярлық ўазыйпасын атқарады. Және бир қуўанышлы тәрепи, миллий сайланды командамыздың Иранға қарсы 13 жыллық жеңиссиз сериясына жуўмақ жасалды. 2023-жылы өткерилген бундай дәслепки жарыста да Өзбекстан финалда Иранға 0:1 есабында жеңилген еди.


CAFA – Орайлық Азия футбол ассоциациясы. CAFA кубоги ҳәр еки жылда өткериледи. Быйылғы жарыста, сондай-ақ, Аўғанстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Ҳиндстан, Оман сайланды командалары қатнасты.



Бул жарыс жақында қурып питкерилген Олимпиада қалашасында өткерилген дәслепки халықаралық турнир болып, мәмлекетимиз спортшылары ушын жеңис пенен басланды. Онда рәмзий мәнис ҳәм жақсы тилеклер пайда болды. Бундай стадионлар, спортқа қаратылып атырған итибар елимизге бәрқулла жеңислер алып келе берсин.

ӨзА