ФИФА менен бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясы (ФИФА) басшысы Джанни Инфантиноны қабыллады.
Сөйлесиў алдынан ФИФА президенти Өзбекстан жетекшиси ҳәм халқын тарийхый ўақыя – миллий сайланды командамыз 2026-жылы АҚШта болып өтетуғын футбол бойынша жәҳән чемпионатының финал басқышына жолламаны қолға киргизгени менен және бир мәрте қызғын қутлықлады. Бул ҳақылы түрдеги жетискенлик мәмлекетимизде алып барылып атырған нәтийжели реформалар, спортты раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдемниң әмелий нәтийжеси екени атап өтилди.
Өзбекстанның бул абырайлы халықаралық структура менен, бәринен бурын, футболды шөлкемлестириў ҳәм басқарыў системасын жетилистириў, жас қәбилетлерди жүзеге шығарыўға жәрдемлесиў, тренерлер, төрешилер, менеджерлер, спорт шыпакерлери ҳәм техникалық қәнигелерди халықаралық дәрежеде таярлаў бағдарындағы нәтийжели бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.

Футболды, биринши гезекте, жаслар арасында ғалаба ен жайдырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўда тығыз бирге ислесип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
ФИФАның техникалық жәрдеминде заманагөй Миллий футбол орайы, соның ишинде, инновациялық шешимлерди енгизген ҳалда санлы футбол бойынша ситуациялық орай шөлкемлестирилди.
Өткен жылы елимизде футзал бойынша жәҳән чемпионаты табыслы өткерилди.

Өзбекстанда ФИФАның ири жарыслары ҳәм илажларын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Ташкент қаласында ФИФАның Орайлық Азия мәмлекетлери ушын регионаллық ўәкилханасын ашыў бойынша келисимге ерисилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти өзбек футболын раўажландырыў ҳәм халықаралық майданда алға қойыўға қосқан жеке үлеси ушын ФИФА басшысы Джанни Инфантиноға мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы – “Дўстлик” орденин тапсырды.
ӨзА