Тақыятас районына алып барыўшы автомобиль жолында оңлаў жумыслары алып барылмақта

Мәмлекетимизде жол инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған избе-из реформалар ҳәр бир аймақта өз нәтийжелерин бермекте. Президентимиздиң басламасы менен, әсиресе, узақ ҳәм стратегиялық жақтан әҳмийетли бағдарларда заманагөй, қәўипсиз ҳәм қолайлы жоллар қурылмақта.
Атап айтқанда, Д154 “А380 автомобиль жолынан (775-км) – Тақыятас қаласы” автомобиль жолының 1-4-километр аралығында 2 километр 535 метр бөлегине қара қапламалы асфальт төсеў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул жол Қарақалпақстан Республикасының экономикалық орайларынан бири – Тақыятас қаласы менен тийкарғы магистральды байланыстырып туратуғын әҳмийетли транспорт жөнелиси болып есапланады.
Ҳәзирги ўақытта оңлаў жумыслары Тақыятас районы Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен алып барылмақта. Процесске 7 арнаўлы техника ҳәм 13 маман жумысшы-хызметкер тартылған.

Бул жол тек халық ушын қолайлық жаратып ғана қоймастан, ал ири санаат кәрханаларының жумысы ҳәм экспорт-импорт процесслериниң үзликсизлигин тәмийинлейтуғын әҳмийетли бағдар болып есапланады.
Автомобиль жолының бул бөлегин оңлаў жумыслары “Басламалы бюджет” бағдарламасының 2025-жыл 1-мәўсиминде жеңимпаз болғанлығын атап өтиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги