Жанни Инфантино “Олимпия қалашасы” ҳәм Миллий футбол орайының жумысы менен танысты

150

Бурын хабар бергенимиздей, FIFA президенти Жанни Инфантино басшылығындағы делегация ағзалары пайтахтымызда болып тур.

Делегация ағзалары күн даўамында “Олимпия қалашасы” ҳәм Жоқары Шыршықтағы Миллий футбол орайының жумысы менен танысты.

Жоқары мәртебели мийманларға Өзбекстан Республикасы спорт министри Адҳам Икромов, Азия олимпиада кеңесиниң вице-президенти, Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров, Өзбекстан футбол ассоциациясының биринши вице-президенти Равшан Эрматов басшылық етти.

2022-жыл 9-ноябрьде қурылысы басланған “Олимпия қалашасы” елимиздеги ең ири спорт комплекслеринен бири болып, 100 гектардан аслам майданда бой тиклеген. Онда бир неше спорт түрлери ушын мөлшерленген заманагөй, көп функциялы имаратлар қурылған.

Комплекс халықаралық критерияларға толық жуўап бериўи, архитектуралық жақтан жетиклиги, энергияны үнемлеўи ҳәм заманагөй инновациялық шешимлери менен айрықша әҳмийетке ийе.

Жанни Инфантино “Олимпия қалашасы”на да жоқары баҳа берди. Ол Өзбекстанда спорт тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жаратылып атырған заманагөй спорт шараятлары ҳәм жаслар ушын имканиятларды тән алды.

Буннан соң, делегация ағзалары Жоқары Шыршықтағы Миллий футбол орайына барды.

Бизге белгили, еки жыл алдын Жанни Инфантино бул аймаққа келип, орайдың қурылысыныӊ символикалық гербишин қойған еди. Бүгинги күнде орай толық иске қосылып, бир ўақыттың өзинде бир неше сайланды команда шынығыў өткериўи ушын барлық шараят жаратылған. Заманагөй стадионлар, спорт заллары, оқыў имаратлары ҳәм мийманхана футболшылардың ықтыярында.

Сондай-ақ, спорт медицинасы орайы заманагөй үскенелер менен тәмийинленген болып, футболшылардың жарақатлардан кейин қысқа ўақыт ишинде тиклениўи ушын реабилитация бөлимлери, бассейн ҳәм шынығыў заллары жумыс алып бармақта. Делегация ағзалары футбол қәнигелерин таярлаў ҳәм илимий-изертлеў орайы, VAR системасы, сайланды командалар таярлаў майданы ҳәм Республикалық футбол академиясы менен танысты.








Өзбекстан футбол ассоциациясының хабарына бола, Жанни Инфантино Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзалары менен ушырасып, оларды Жәҳән чемпионатына жоллама менен қутлықлады.

Еслетип өтемиз, Жанни Инфантино басшылығындағы делегация “CAFA Nations Cup – 2025” жарысының Өзбекстан ҳәм Иран сайланды командалары арасындағы финал ойынын стадионнан тамашалаўды режелестирген.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА