Шымбай ҳәм Қараөзекте де пахта жыйын-терими басланды

Елимизге гүз мәўсиминиң кирип келиўи менен аўыл хожалығы тараўында ислеўши хызметкерлердиң жумыслары «балалап кетеди». Әсиресе, «алтын гүз» фермер ҳәм дийқанларға үлкен жуўапкершилик жүклейди.
Буны жақсы түсинген шымбайлылар да гүздиң ашық-жарық күнлеринен нәтийжели пайдаланып, атызларда жетистирилген өнимлерди сепситпей жыйнап алыўға пуқта таярлықлар көрип, пахта жыйын-теримине кирисип кетти.
Усы мүнәсибет пенен «Кегейли – Шымбай Агрокластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы Шымбай пахта қабыллаў пунктинде дәслепки пахта кәрўанын қабыллаў мәўсими басланды.
Салтанатлы мәресимде район ҳәкими А.Тажетдинов, Қарақалпақстан Фермерлери кеңеси баслығы И.Юнусовлар шығып сөйлеп, пахта атызларында топланған зүрәәтти қысқа мүддетте, бир де ханасын зая етпестен жыйнап алыўға шақырды ҳәм бириншилерден болып пахта тапсырған фермер хожалықларына саўғалар тапсырылды.
Соны айтып өтиўимиз керек, быйылғы жылы район аймағындағы «Айтжан Төре» ҳәм «Қудайберген Гулдана» фермер хожалықларына заманагөй еки пахта комбайнлары алып келинди. Бул әлбетте, тараўда фермерлердиң мүшкилин жеңиллетиўге қойылған әҳмийетли қәдем болып табылады.

Усындай илаж Қараөзек районында да болып өтти.
Ҳәзирги күнлери республикамыз аймақларында пахта жыйын-терими жумыслары қызғын алып барылмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы