Боксшилеримиздиң Ақтаўдағы табысы

143

Қазақстанның Ақтаў қаласында қазақ бокс мектебиниң тийкарын салыўшылардың бири Шоқыр Бөлтек улының естелигине бағышланған бокс бойынша ересеклер арасында халықаралық турнир болып өтти.

Жарысқа Қазақстан, Қытай, Әзербайжан, Түркменстан мәмлекетлери бирге Өзбекстан Республикасынан да күшли боксшилер қатнасты.

Қызықлы өткен беллесиўлер соңында, Өзбекстан сайланды командасы қурамында 70 кг салмақта қатнасқан қарақалпақстанлы Сухраб Аминов, 80 кгда Сәрдар Шамуратовлар турнирдиң қола медалын жеңип алыўға миясар болды.

Боксшилеримизди жарысқа Рашид Сейтов ҳәм Жасур Нурумбетовлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы