Картошка жетистириў мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланады

133

“Республикада картошка жетистириўди көбейтиў ҳәм туқымгершиликти буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2028-жылдан ҳәр жылы өнимдарлық дәрежеси 85 проценттен төмен болмаған кеминде 10 миллион дана картошканың мини-түйнеклерин жеткерип бериў, 2030-жылға барып республикада картошканың орташа өнимдарлығын 16-17 тоннадан 25-30 тоннаға шекем арттырыў республикада картошка жетистириўди көбейтиў ҳәм туқымгершиликти раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди.

Аўыл хожалығы министрлиги ҳәр жылы 1-декабрьге шекем кейинги жылда жетистирилетуғын картошканың “in-vitro” өсимликлери, микро ҳәм мини-түйнеклериниң көлемлери бойынша илимий мәкемелер ҳәм исбилерменлерге буйыртпа береди.

2026-жыл 1-январьдан Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры есабынан коммерциялық банклер арқалы картошка жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын өним баҳасының 50 процентине шекем жыллық 12 процент ставкада 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке қамсызландырыў полиси тийкарында кредитлер ажыратылады.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-январьдан картошка жетистириўшилер тәрепинен қуяш панеллерин орнатыў қәрежетлериниң 50 процентине шекем, бирақ 50 миллион сумнан артық болмаған бөлеги Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи.

ӨзА