Аўғанстан энергетика инфраструктурасын раўажландырыўға старт берилди

Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди. Онда атап өтилиўинше, күни кеше Аўғанстанның Қабул қаласында энергетика тараўына инвестицияларды тартыў ҳәм мәмлекеттиң энергетика секторын қоллап-қуўатлаўға бағышланған биринши халықаралық конференция болып өтти.
Илажда Аўғанстан ҳүкимети ўәкиллери, Өзбекстан, Түркменстан ҳәм Тәжикстан Республикалары энергетика министрликлери делегациялары, сондай-ақ, бир қатар халықаралық шөлкемлер ҳәм дипломатиялық ўәкилханалардың ўәкиллери қатнасты.

Онда тәреплер өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да беккемлеў илажлары ҳаққында сөз етти.
Әнжуман шеңберинде Аўғанстанда 220-500 кВ кернеўли электр узатыў тармақлары ҳәм подстанциялар қурылысы бойынша финанслық шәртнамаға қол қойылды ҳәм жойбардың әмелий басқышына старт берилди.

Атап өтилгениндей, жойбарлар 2027-жылдың биринши шерегине шекем әмелге асырылыўы нәзерде тутылған болып, бул Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында электр энергетикасы бағдарындағы бирге ислесиўди және де беккемлейди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Аўғанстан бойлап бөлистириў тармақларын модернизациялаў, ақыллы есаплаў системаларын енгизиў, тараўда нәтийжелилик ҳәм ашық-айдынлықты арттырыў және техникалық экспертиза арқалы исенимли энергия жеткерип бериўди тәмийинлеў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиў кеңейтиледи.
Ушырасыў жуўмақлары соны көрсетеди, бул әнжуман тек ғана Аўғанстан экономикасын раўажландырыў емес, ал пүткил регионда турақлы энергия инфраструктурасын қәлиплестириўде әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА