Өзбекстан ҳәм Қытай қатнасықлары ең жоқары дәрежеге жетти

124

Мүнәсибет

Бүгин мәмлекетимиз сыртқы сиясатта ашық, жедел ҳәм конструктивлик сөйлесиў жолынан бармақта. Бундай сиясат кейинги жылларда дүнья мәмлекетлери менен бирге ислесиўде жаңа бет ашты.

Бул процесс Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси ҳәм “ШБШ плюс” саммитинде Президентимиз алға қойған баслама ҳәм усынысларда және бир мәрте өз көринисин тапты.

Халықаралық экспертлер Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин менен сөйлесиўлеринде ерисилген келисимлерди жоқары баҳаламақта.

Усы мүнәсибет пенен Қытай Халық Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь менен сәўбетлестик.

– Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен берли миллий өзгешеликлерге сай раўажланыў жолын таңлады. Президент Шавкат Мирзиёевтиң ақылға уғрас басшылығы астында Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған реформалардың жаңа басқышы басланды. “Өзбекстан – 2030” стратегиясы избе-из әмелге асырылмақта. Сиясий, социаллық ҳәм экономикалық тараўларда кең көлемли реформалар алып барылмақта ҳәм олар сезилерли нәтийжелер бермекте.

Бүгинги Өзбекстан әпсанаға айланған Хумай қусы сыяқлы қанат жайып, бийиклерге көтерилмекте. Уллы жипек жолы цивилизациясының бесиги болған бул үлкен мәмлекет заманагөй көриниске ийе болмақта. Мәмлекет экономикасы жедел пәтлер менен раўажланбақта. Жалпы ишки өнимниң өсиўи тек ғана Орайлық Азияда емес, ал Евроазия регионында да ең жоқары көрсеткишлерден бири болып қалмақта.

Социаллық тараўда да турақлы раўажланыў бақланбақта. Кәмбағаллыққа қарсы гүрес өз нәтийжесин бермекте. Кейинги жыллары Өзбекстан дүнья мәмлекетлери менен дослық байланысларын жедел раўажландырып атырғанын атап өтиў керек. Оның регионаллық ҳәм халықаралық абырайы барған сайын артып бармақта. Қайсы мәмлекеттиң елшиси менен сөйлессеңиз, олардың барлығы президентиңиздиң Орайлық Азия мәмлекетлери аўызбиршилигин беккемлеў ҳәм регионның турақлы раўажланыўына қосып атырған тарийхый үлесин айрықша атап өтеди.

Өзбекстан БМШ, ШБШ ҳәм басқа да көп тәреплеме платформаларда бир қатар әҳмийетли баслама ҳәм усынысларды алға қоймақта. Олар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып, жоқары баҳаланбақта.

Кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Қытай жетекшилери тез-тез ҳәм қызғын сөйлесип келди. Оларды еки жақын дос деп атаў мүмкин. Усы ўақыт даўамында көплеген жарқын ҳәм умытылмас ўақыялар жүз берди. Жетекшилер мәмлекетлеримиз қатнасықларын жаңа тарийхый басқышқа – ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликтиң жаңа дәўирине көтерди. Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қытай баспасөзинде басып шығарылған мақаласын жигирма төрт саат ишинде миллионлаған қытайлы оқып шықты. Ондағы терең философиялық идеялар ҳәм қызғын сезимлер жәмийетшилик арасында үлкен резонанс оятты.

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин 2022-жыл сентябрьде мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанға келди. Самарқандта болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммитинде қатнасты. Бундай халықаралық платформалардағы сөйлесиўлер де еки мәмлекет байланысларын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Өзбекстан ҳәм Қытай жетекшилериниң мәмлекетлик басқарыў мәселесинде уқсас көзқарасларға ийе екенин айтыў керек. Олардың екеўи де миллий мәплерди үстин орынға қояды. Бул жетекшилердиң стратегиялық басшылығында мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар тарийхтағы ең жоқары дәрежеге жетти. “Бир мәкан – бир жол” басламасы избе-из әмелге асырылмақта. Барлық тараўларда бирге ислесиў жедел раўажланып, динамикалық өсиўди көрсетпекте.

Қытай көп жыллардан берли Өзбекстанның ең ири саўда ҳәм инвестициялық шериги болып есапланады. Саўда, инвестиция, энергетика ҳәм инфраструктура қурылысы менен бир қатарда “жасыл экономика”, мәденият ҳәм заманагөй аўыл хожалығы тараўларында да жаңа өсиў ноқатлары қәлиплеспекте.

Еки мәмлекет арасында визасыз тәртип күшке кирди. “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жол қурылысы басланды. Қытай компаниялары Өзбекстанда қуяш ҳәм самал электр станциялары, шығындыны энергияға айландырыў заводлары ҳәм электр энергиясын сақлаў объектлериниң қурылысында белсене қатнаспақта.

Қытай брендиндеги электромобильлер Өзбекстанда барған сайын ғалаба ен жаймақта.

Өзбекстанның аўыл хожалығы өнимлери, соның ишинде, шийе, әнар, қаўын ҳәм лобия сыяқлы өнимлер барған сайын көбирек көлемде Қытай базарына экспорт етилмекте ҳәм ол жерде жоқары талапқа ийе.

Кейинги басқышта мәмлекет басшылары ерискен келисимлерди және де нәтийжели әмелге асырыў, басланған жойбарлардың турақлы орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жаңа биргеликтеги басламаларды алға қойыў жолындағы ҳәрекетлерди даўам еттириў зәрүр.

Усы жерде, Ўатаныңыз ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығы мүнәсибети менен Қытай халқы ҳәм мәмлекети атынан Өзбекстан халқына ең қызғын қутлықлаўларымды билдирмекшимен. Шын кеўлимнен елиңизге раўажланыў, тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен. Президентиңиздиң басшылығында Жаңа Өзбекстан арзыў-нийетлериниң табыслы әмелге асыўын тилеймен. Мәмлекетлеримиз қатнасықлары және де раўажланып, бирге ислесиўимиз жаңа нәтийжелерге ерисиўин нийет етемен.

ӨзА хабаршысы

Икром АВВАЛБОЕВ жазып алды.