Өзбекстан ҳәм Венгрия: стратегиялық шериклик ҳәм исенимге тийкарланған нәтийжели бирге ислесиў раўажланбақта

Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатына Венгрия Миллий мәжилиси Баслығының орынбасары Иштван Яков басшылығындағы парламент делегациясы келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Венгрия арасындағы қатнасықлар кейинги жыллары жаңа басқышқа көтерилгени, еки мәмлекет арасында стратегиялық шериклик ҳәм исенимге тийкарланған нәтийжели бирге ислесиў раўажланып атырғаны атап өтилди.
Саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиў, аўыл хожалығы, автомобиль қурылысы, қурылыс, илим, билимлендириў, инновациялар ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелери додаланды.
Транспорт ҳәм логистика системасын раўажландырыў, аўыл хожалығы тараўында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў, инвестициялық бирге ислесиў ҳәм өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

Туризм тараўындағы бирге ислесиў перспективалары, соның ишинде, еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў имканиятлары көрип шығылды.
Өз-ара сөйлесиўде илимий мәкемелер арасындағы шерикликти раўажландырыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм жас илимпазлар арасында тәжирийбе алмасыў бойынша басламаларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Парламентлераралық байланысларды беккемлеў әҳмийетли бағдарлардан бири сыпатында атап өтилди. Нызам шығарыўшы уйымлар арасындағы турақлы сөйлесиў ҳәм делегациялардың алмасыўы мәмлекетлер арасындағы өз-ара исенимди беккемлеўге және еки тәреплеме қатнасықларды турақлы раўажландырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Тәреплер нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, биргеликтеги жойбарларда қатнасыў ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди мазмуны жағынан байытыўдан мәпдар екенин билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Венгрия парламентлери арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў мақсетинде парламентлераралық дослық топарларының жумысын жеделлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Н.Абдураимова, ӨзА