Орайлық Азия электр енергетикасын муўапықластырыўшы кеңестиң 44-мәжилиси өткерилди

102

Орайлық Азия мәмлекетлери арасында энергетика тараўындағы бирге ислесиў барған сайын беккемленип, регионаллық турақлылық ҳәм экономикалық раўажланыў ушын әҳмийетли факторға айланбақта.

Региондағы электр энергетика системасын нәтийжели басқарыў, түрлес тармақларды бирлестириў ҳәм электр энергиясы тәмийнатында турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде турақлы ушырасыўлар өткерилип келинбекте. Усы процесстиң логикалық даўамы сыпатында быйыл 4-5-сентябрь күнлери Қырғызстанның Шолпан-Ата қаласында Орайлық Азия электр энергетикасы муўапықластырыўшы кеңесиниң 44-мәжилиси ҳәм муўапықластырыўшы комиссияның 46-мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан, Тәжикстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстаннан энергетика шөлкемлериниң жуўапкерлери, қәнигелер қатнасты. Россия Федерациясының энергетика шөлкемлериниң ўәкиллери болса илажда бақлаўшы сыпатында қатнасты.

Илажда энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, бирден-бир электр базарын қәлиплестириў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў ҳәм трансшегаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Мәжилисте “Өзбекстан миллий электр тармақлары” акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы Дадажон Исақулов мәмлекетимизде әмелге асырылған реформалар ҳәм тийкарғы бағдарларға тоқтап өтип, электр энергетика тармағындағы жаңаланыўлар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында мағлыўмат берди.

Оның атап өтиўинше, жаңа электр станцияларын қурыў, бар қуўатлықларды реконструкциялаў ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў жумыслары тек ғана миллий система емес, ал пүткил Орайлық Азияда турақлылыққа хызмет етеди. Соның менен бирге, ол региондағы мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиўге таяр екенин билдирди.

Жәмийет мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, Шолпан-Атада өткен бул мәжилис Орайлық Азия мәмлекетлериниң энергетика тараўындағы аўызбиршилигин күшейтиў жолында әҳмийетли қәдем болды.

Регионаллық энергетика системасын раўажландырыў ҳәм улыўма мәплерге хызмет ететуғын биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў келешекте турақлы раўажланыўдың тийкарғы факторы болып қалатуғыны анық.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА