Аўғанстандағы жер силкиниўден аман қалғанларды излеў тоқтады

122

– Жер силкиниўинен кейинги излеў-қутқарыў әмелияты жуўмақланды, – деди Аўғанстанның Кунар ўәлаятының ҳәкими Қудратуллоҳ Абу Ҳамза “Al Jazeera” телеканалына берген интервьюинде. – 2204 адам қайтыс болғаны, 4000 ға шамалас адам жарақатланғаны атап өтилди.

Алдынрақ Халықаралық Қызыл атанақ ҳәм Қызыл ярым ай жәмийетлери федерациясының Аўғанстандағы топарының басшысы Жой Сингхал “РИА Новости” хабаршысына қурбанлар саны өсиўде даўам ететуғынын, қайта силкиниў және жолларды бүлдиргени, қулаў келтирип шығарғаны, ақыбетинде қутқарыў жумыслары қыйынласып атырғанын айтқан еди.

Август айының соңғы күни, кешқурын Аўғанстанның шығысында 6 магнитудалы жер силкиниў жүз берди. Соң силкиниў бир неше мәрте тәкирарланды. Тәбийғый апатшылық Кунар, Лағман ҳәм Нангархар ўәлаятлары халқына көп тәшиўиш алып келди. Онлаған аўыллар бүлинди. Мәмлекеттиң көп жыллық урыс, кәмбағаллық ҳәм қыйын тәбийғый шараят себепли әлле қашан әззилеген денсаўлықты сақлаў системасына гезектеги апатшылық қосымша аўыр жүк болды.

ӨзА