NASA 2030-жылда Марсқа астронавт жибериўди мөлшерлемекте

АҚШ Миллий аэронавтика ҳәм космосты изертлеў басқармасы (NASA) 2030-жыллардың басында Марсқа миссия жибериў режесин тастыйықлады. Жойбар Айда космослық база қурыўды да өз ишине алады.
NASA администрациясы басшысының ўазыйпасын атқарыўшы Шон Даффидиң мәлим етиўинше, миссия “екинши космослық жарыс”тың тийкарғы басқышы есапланады. Бул процессте Қурама Штатлар Марсты изертлеў бойынша басқа мәмлекетлер, соның ишинде, Қытайды артта қалдырыўға умтылады, деп жазған “News.am” басылымы.
Пәрўаз 2033 яки 2035-жыл, ҳәр 26 айда бир бақланатуғын Жер ҳәм Марстың орбитал траекториясы ең қолайлы жағдайға ийе болатуғын ўақытқа режелестирилген. Қызыл планетаға саяхат шама менен 6-8 ай даўам етиўи, миссияның улыўма даўамлылығы шама менен 2 жылды қурайтуғыны, астронавтлар Марс бетинде 500 күнге шекем болыўы күтилмекте.
NASA командасы илимий излениў арқалы Марс геологиясын үйрениў, усы планетадағы тиришилик белгилерин излеў ҳәм келешектеги узақ мүддетли миссияларға таярлық көриў мақсетин гөзлеген.
Экипажды мәнзилге жеткериў ушын ең күшли “Space Launch System” (SLS) ракетасы ҳәм Орион космос кемеси таңланды. Космоста узақ ўақыт қалыў ушын “Deep Space Habitat” модулинен пайдаланыў имканияты да көрип шығылмақта. Роботластырылған миссия жәрдеминде алдыннан астронавтларды жанылғы, азық-аўқат ҳәм үскенелер менен тәмийинлейтуғын қураллар – 25 тоннаға шамалас үскене, соның ишинде, ровер ҳәм қоныў қурылмасы жибериледи. Космослық нурланыўдан қорғаў да тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленген.
NASA ҳәзирги ўақытта Халықаралық космос станциясында жаңа экранлаў технологиясын сынақтан өткермекте. 2026-жыл Айды изертлеў бағдарламасы – “Артемида” иске түсириледи.
Қызыл планетаға миссия – орбитал ушыў ҳәм қоныў шама менен 17 миллиард долларға түсиўи болжанбақта. АҚШтың тийкарғы бәсекилеси – Қытай да 2030-жылларда Марсқа басқарылатуғын миссия жибериўди режелестирген.
Илон Масктың “SpaceX” компаниясы, сондай-ақ, “Starship” ракетасы жәрдеминде адамларды ертерек, яғный 2020-жыллардың ақырында Марсқа ушырыўды мөлшерлемекте. Алдынрақ “SpaceX” NASA менен бирге ислесип атырғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Г.Сатторова, ӨзА