“CAFA Nations Cup – 2025”: Өзбекстан ҳәм Иран беллесиўин ФИФА президенти бақлап барады

Бүгин, 8-сентябрь күни футбол бойынша “CAFA Nations Cup” турнириниң соңғы шешиўши финал ойыны болып өтеди. Онда Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм Иран сайланды командасы менен беллеседи.

Бул ушырасыў пайтахтымыздағы “Олимпия” стадионында жергиликли ўақыт пенен саат 19:30 да басланады.

Өзбекстан футбол ассоциациясының мирәт етиўине бола, ФИФА президенти Жанни Инфантино елимизге келди. Сапар шеңберинде ол Өзбекстанда футболды және де раўажландырыўға қаратылған жойбарларды додалаў, Миллий футбол орайы менен жақыннан танысыў ҳәм “CAFA Nations Cup – 2025” жарысының финал ойынын стадионнан тамаша етиўди режелестирген.
ФИФА делегациясын Ташкент халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы спорт министри Адҳам Икромов, Азия олимпиада кеңесиниң вице-президенти, МОК баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров, ӨФА биринши вице-президенти Равшан Эрматов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Мағлыўмат орнында: “CAFA Nations Cup – 2025” турнириниң үшинши орын ушын болып өтетуғын беллесиўде Ҳиндстан ҳәм Оман сайланды командалары өз-ара беллеседи. Бул беллесиў Тәжикстан мәмлекетинде болып өтеди.
Ж.Тошхўжаев, ӨзА