Гүзги-қысқы мәўсимине таярлық жумыслары басланды

117

МҒКАда Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен гүзги-қысқы мәўсимге таярлық процесслерине бағышланған брифинг болып өтти. Онда министрликтиң мәлимлеме хызмети баслығының орынбасары Самандар Ҳикматуллаев тараўда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, гүзги-қысқы мәўсимде турақ жай фонды, социаллық тараў ҳәм мәмлекет қарамағындағы және түнде адамлар қалатуғын объектлерди ысытыўда тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ, қатты жанылғы ямаса нефть өнимлеринен пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары көп ушырасады.

Ақыбетинде инсанлардың зәҳәрли газ ийисинен зәҳәрлениўи, адамлардың өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдыратуғын ҳаўа-газ араласпасының жарылыўы ҳәм өртлер менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселер жүз бериўи мүмкин.

Бул бағдарда Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен ҳәр жылы гүзги-қысқы мәўсим басланыўынан алдын ҳәм мәўсим даўамында экономика тармақлары, социаллық тараў объектлери ҳәм көп квартиралы турақ жай фондында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған системалы профилактикалық-ескертиў илажлары әмелге асырылып келинбекте.

Мәўсимди зыянсыз өткериў ҳәм халық арасында кең көлемли профилактикалық илажларды шөлкемлестириў мақсетинде республикамызда 552 жумысшы топарлар шөлкемлестирилип, оларға тийисли уйымлардан жәми 2 мың 829 хызметкер тартылған.

“Ҳудудгазтаминот” АЖ, “Аймақлық электр тармақлары” АЖ ҳәм печь морыларын тазалаў жумысларын орынлаўшы шөлкемлердиң қәнигелеринен ибарат 703 оңлаў-тиклеў хызметлери де шөлкемлестирилген.

Жумысшы топарлар тәрепинен орынлардағы бар 864 Басқарыў-сервис компаниялары ҳәм жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлериниң 554 инде, 9 мың 452 мәҳәллениң 4 мың 576 сында үйрениўлер өткерилип, 1 миллион 408 мың 731 көп квартиралы турақ жайдан 220 мың 121 и тексерилип шығылды.

Буннан тысқары, халықтың турақ жайларынан 550 мың 153 ҳәм дала ҳәўлилеринен 3 мың 39 тексериўден өткерилди. Процесслер даўамында 93 мың 227 кемшилик анықланып, олардың 82 мың 502 си орнында сапластырылды.

Сондай-ақ, социаллық тараў объектлерине айрықша итибар қаратылып, 23 мың 110 объекттен 10 мың 34 иниң мәўсимге таярлығы бойынша өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында тексериўден өткерилди.

Орынлардағы түнги адамлар қалатуғын орынларға айрықша итибар қаратылып, “Меҳрибанлық үйлери”, “Мүриўбет” ҳәм “Сақаўат” үйлеринде айрықша жағдайлар бөлимлери хызметкерлериниң түнги нәўбетшилиги жолға қойылды ҳәм ҳәр бир емлеў стационарларында түнги тексериўлер өткерилиўи енгизилди.

Өрт қәўипсизлиги қағыйдалары талапларын үгит-нәсиятлаў, пуқаралардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде 117 мың 427 мәрте пуқаралар менен ушырасыў ҳәм мәжилислер өткерилди.

Бүгинги күнге шекем өрт-қутқарыў бөлимлериниң жеке қурамы тәрепинен мәҳәлле белсендилери менен биргеликте үйме-үй аралаў дәўиринде 1 миллион 198 мың 66 шаңарақта жасайтуғын пуқаралар менен түсиндириў жумыслары өткерилди.

Таллаўлар соны көрсетпекте, бахытсыз ҳәдийселер көпшилик жағдайларда тәбийғый газ ҳәм альтернатив жанылғы түрлерин және ысытыў печьлерин пайдаланыўда “газден пайдаланыў”, “техникалық ҳәм өрт қәўипсизлиги” қағыйдаларына әмел етилмегенлиги, газ тармағына надурыс жалғаныў, үйлерде ашық оттан пайдаланыўда итибарсызлық ҳәм орылардың насазлығы ақыбетинде келип шықпақта.

Сыртқы қорғаў қабықлары зыянланган электр сым ҳәм кабельлерден пайдаланыў қадаған етиледи. Ысытыў мәўсими басланыўынан алдын, ысытыў печьлериниң морыларын тазалаў, сазлаў ҳәм оларды қағыйда талаплары тийкарында орнатыў бойынша хызмет көрсетиўши арнаўлы шөлкемлерге мүрәжат етиў керек.

Жарамсыз, қолдан исленген ысытыў үскенелеринен пайдаланыў мүмкин емес ҳәм стандарт талапларға жуўап беретуғын ысытыў үскенелеринен пайдаланыўда оларды ислеп шығарған кәрхананың инструкциясы менен танысып шығыў керек.

Сондай-ақ, ысытыў печьлерин ҳәдден тыс қыздырмаў, газ ҳәм электр үскенелерин қадағалаўды жас балаларға тапсырмаў, газ үскенелерин жалғаў бойынша тәртип-қағыйдаларға әмел етиў, жаныўшы материалларды газ плиталары үстинде кептирмеў және газ ысытыў үскенелеринен қәўипсизлик автоматлары арқалы пайдаланыў керек.

Гулноза Бобоева, ӨзА