Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ оныншы жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

131

5-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күнинде Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының прокуратура уйымларының 2024-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, прокуратура уйымлары тәрепинен есап бериў жылында социаллық тараўдағы нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў бағдарында халықты социаллық қорғаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў және кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылған.

Атап айтқанда, 489 пуқараға 3,8 миллиард сумлық кешиктирилген мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлер өндирип берилген, сондай-ақ, 11,2 миллиард сумлық мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер талан-тараж етилгени анықланып, тийисли шаралар көрилген.

Атап өтилиўинше, экономикалық тараўда нызамлылықты беккемлеў, әсиресе, инвестициялық бағдарламалардың орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў, энергия ресурслары талан-тараж етилиўиниң алдын алыў, жасырын экономика қәлиплесиўиниң ҳәр қыйлы усылларын ҳәм каналларын анықлаў ҳәм оларға шек қойыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылған.

Исбилерменлер ҳәм сырт ел инвесторларының 29 451ине нызам үстинлиги, сондай-ақ, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарында әмелий жәрдем көрсетилген.

Прокурорлардың суд процесслериндеги қатнасыўы, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында көрилип атырған илажлар, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, тергеў ҳәм оператив-излеў жумысы бойынша әмелге асырылған жумысларға айрықша итибар қаратылды.

Сенаторлар тәрепинен прокуратура уйымларының әмелге асырған унамлы жумыслары менен бир қатарда жумыстың айырым бағдарларында қадағалаўды және де күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, халықтың денсаўлығын сақлаў, репродуктивлик саламатлықты қорғаў, қалаберди, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бағдарында өткерилген қадағалаў илажлары жетерли нәтийже бермегени, аналар өлимшилиги саны Қарақалпақстан Республикасы, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларында артқаны сынға алынды.

Жынаятшылыққа қарсы гүресиў, мәмлекетте криминоген жағдайдың турақлылығын сақлаў, оператив-излеў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў жумысын алып барыўда да кемшиликлер бар екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, жүз берген 67 мыңнан аслам жынаятлардың дерлик 62 процентин алдын алыў мүмкин болған жынаятлар қураған.

Бундай жынаятлардың улыўма жынаятшылық көрсеткишиндеги үлеси Ферғана ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында 65 процентке, Наманганда болса дерлик 70 процентке жеткен.

Сенаторлар прокуратура уйымлары тәрепинен денсаўлықты сақлаў, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў, репродуктивлик саламатлықты, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға байланыслы нызамшылықтың орынланыўы үстинен тәсиршең қадағалаў орнатыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бағдарында қадағалаўды буннан былай да күшейтиў бойынша усынысларын берди.

Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Самарқанд ўәлаятының Каттақорған қаласы, Каттақорған ҳәм Нурабад районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе додаланды.

Бул мәселе халыққа мүнәсип жасаў шараятын жаратыў, оның ушын инженерлик-коммуникация системаларын, сондай-ақ, социаллық тараў (мектеп, бақша, емлеўхана) объектлерин қурыў, жаңа жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Атап өтилгениндей, Каттақорған қаласы географиялық жақтан Самарқанд ўәлаятының арқа-батысында жайласқан болып, бүгинги күнде қала халқының саны дерлик 95 мың адамды, улыўма жер майданы 4,4 мың гектарды қурайды.

Қала халқының өсиў пәти соңғы 5 жылда ҳәр жылы орташа 1,1 мың адамды қурамақта.

Буннан тысқары, Каттақорған қаласында турақлы дизимнен өтпеген 4 мыңға шамалас халық ҳәм студентлер жасамақта.

Халықтың тыгызлығы 1 квадрат километр майданға 9,5 адамға туўра келип, Самарқанд ўәлаяты бойынша халқы ең тыгыз жайласқан аймақ болып есапланады.

Сонлықтан Сенат қарарының жойбарында төмендеги илажлар нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, Каттақорған қаласының аймағын кеңейтиў мақсетинде оған шегаралас болған Каттақорған районынан 1,9 мың гектар ҳәм Нурабад районынан 971 гектар, жәми 2,9 мың гектар жер майданын қала қурамына өткериў, сондай-ақ, Нурабад районының Каттақорған районы менен шегаралас болған аймақларынан 600 гектар жер майданын Каттақорған районына өткериў нәзерде тутылмақта.

Шегара аймағының кеңейиўи есабынан Каттақорған қаласының халқы саны 2030-жылға барып 150 мың адамнан артыўы мүмкин.

Қала аймағының кеңейиўи нәтийжесинде Каттақорған орта қалалар категориясынан үлкен қалалар категориясына өткерилип, қала халқы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, атап айтқанда, жаңа инфраструктура объектлери ҳәм көп қабатлы турақ жай комплекслерин қурыў, урбанизация процесслерин жеделлестириў имканияты жаратылады.

Жаңа өндирис ҳәм хызмет көрсетиў объектлери шөлкемлестириледи ҳәм қосымша жумыс орынлары жаратылады.

Атап айтқанда, 50 гектар майданда “Ургут” еркин экономикалық санаат зонасының филиалы, сондай-ақ, 30 гектарда 3 киши санаат зонасының шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.

Додалаў жуўмағында бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң 10-жалпы мәжилисте студентлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў бойынша жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.Шариповқа парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, жоқары билимлендириў мәкемелеринде тәлим-тәрбия процесин нәтийжели шөлкемлестириў, студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олар менен руўхый-ағартыўшылық жумыслар алып барыў ҳәм ата-аналар менен тығыз бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

Бул бағдардағы жумыслардың жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени студентлер арасында саламат емес орталықтың пайда болыўына, айырым жағдайларда болса ҳуқықбузарлыққа ҳәм жынаятшылыққа алып келип атырғаны бақланбақта.

2024-жылы жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери қатнасыўында 761 жынаят исленген болса, 2025-жылдың 6 айы даўамында 102 жоқары билимлендириў мәкемесиниң 307 студенти тәрепинен жынаят исленгени бул мәселеге айрықша итибар қаратыў зәрүрлигин көрсетпекте.

Атап айтқанда, жынаятлардың тийкарғы бөлегин жол-транспорт ҳәдийселери, урлық, дене жарақатын жеткериў, бийзарылық, алдаўшылық сыяқлы жынаятлар қураған.

Аймақлар кесиминде жынаятлардың көпшилиги Ташкент қаласы, Ташкент, Бухара, Наманган, Әндижан, Самарқанд, Ферғана, Сурхандәрья ўәлаятларына туўра келеди.

Жоқары билимлендириў мәкемелери кесиминде болса жынаятлардың көпшилик бөлеги Ташкент мәмлекетлик транспорт университети, Өзбекстан миллий университети, Ташкент мәмлекетлик техника университети, Ташкент мәлимлеме технологиялары университети, Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң үлесине туўра келеди.

Айырым жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў процесин турақлы қадағалаў, студентлердиң сабақларға қатнасыўын жетерли дәрежеде мониторинг етпегенлиги ақыбетинде студентлер тәрепинен сабақ ўақтында, яғный саат 08:00 ден 16:00 ге шекемги аралықта жынаятлар исленген.

Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-сентябрьдеги “Республика жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлерди турақ жай менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы 563-санлы қарарында тьюторларды бириктириў тәртиби белгиленген болса да, айырым жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен бул талапқа әмел етилмеген.

Студентлердиң жатақханаларға кирип-шығыўы, жасаўы ҳәм түнги ўақытта болыўы үстинен қадағалаў жетерли дәрежеде емес.

Буннан тысқары, соңғы жыллары жоқары билимлендириў тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанына қарамастан, тараўда жумыс алып барып атырған шахсларға коррупция жағдайлары бойынша бир қатар жынаят ислери қозғатылған.

Бул болса, халықтың ҳақылы наразылықларының көбейиўине, әдилсизликлер бойынша пуқаралардың шағымлары санының кескин артыўына себеп болып атырғаны сенаторлар тәрепинен сынға алынды.

Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте аўыл хожалығын раўажландырыў, илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм тараўға илим жетискенликлерин енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, парламентлик сораўда сәўлеленген мәселелер бойынша белгили жумыслар әмелге асырылған.

Атап айтқанда, Аўыл хожалығы министрлиги жанында шөлкемлестирилген Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы системасындағы илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысына байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде усы жылы улыўма баҳасы 49,7 миллиард сум болған 69 жойбар, соның ишинде, 49 әмелий, 7 инновациялық, 1 фундаментал, 12 халықаралық жойбар бойынша изертлеўлер алып барылмақта.

Усы жылдың биринши ярым жыллығында аграр тараўға байланыслы илимий-тәжирийбе ҳәм эксперименталлық изертлеўлер көлемин кеңейтиў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын көбейтиў мақсетинде шаңарақ кесиминде 13 илимий-изертлеў жойбары әмелге асырылған.

Республика бойынша 909 мың гектар суўғарылатуғын жер майданларына илимий-изертлеў институтлары тәрепинен жаратылған перспективалы ҳәм жаңа ғаўаша сортлары егилген және ўәлаятлардың илимий-изертлеў станциялары ҳәм туқымгершилик тәжирийбе хожалықларында 70 тен аслам жаңа ғаўаша сортларының басланғыш туқымгершилик жумыслары алып барылмақта.

Илимий-изертлеў институтлары тәрепинен 271 сорт ҳәм гибрид жаратылған, соннан 107 си Мәмлекетлик реестрге киргизилген, 99 ы өндириске енгизилип, 82,7 миллиард сумлық 73 жойбардың нәтийжелери коммерцияластырылған.

Соның менен бирге, парламентлик сораўдағы айырым мәселелер елеге шекем әҳмийетлилигинше қалып атырғаны атап өтилди.

Аўыл хожалығын раўажландырыў, илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў, тараўға илим жетискенликлерин енгизиўдиң институционаллық тийкарлары және тараўға байланыслы әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў зәрүрлиги бар.

Жаратылған жаңа нәсил, сорт ҳәм гибридлерди әмелиятқа енгизиў ҳәм илимий нәтийжелерди коммерцияластырыў механизми нәтийжели шөлкемлестирилмеген.

Өним жетистириўши субъектлерди жаратылып атырған жаңа илимий қолланбалар ҳәм инновациялар ҳаққында өз ўақтында хабардар етиў механизми жолға қойылмаған.

Жас илимий хызметкерлер ҳәм изертлеўшилерге илимий қолланбалар жаратыў, тәжирийбе сынақларын өткериў ҳәм ағымдағы қәрежетлер ушын жетерли қаржы ажыратылмай атырғаны ақыбетинде кадрлардың турақсызлығы жүзеге келген.

Сенаторлар тәрепинен жаңа заманагөй биотехнологиялық ҳәм молекуляр генетикалық анализлерди өткериўши ҳәм глобал климат өзгериўи менен шуғылланыўшы бағдарларға итибар қаратыў зәрүр екенлиги ҳаққында пикирлер билдирилди.

Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги усынған Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы миллий баянат көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўдиң ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарлары жетилистирилип, жәмийетте коррупция иллетине маўасасыз орталықты қәлиплестириўге қаратылған системалы реформалар әмелге асырылмақта.

2024-жылы коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған 8 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиўдиң заманагөй механизмлери кеңнен енгизилди. Олардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жәмийетшилик алдында есап бериўди арттырыў бойынша зәрүр илажлар көрилмекте.

Соның менен бирге, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында коррупциялық факторларды сапластырыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириўге қаратылған мақсетли көрсеткишлер белгиленди.

Тараўда мәмлекетлик сиясаттың избе-излигин тәмийинлеў мақсетинде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2023-2024-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди, ашық жәрияланыўы керек болған мағлыўматлар дизими 35 тен 40 қа шекем кеңейтилди.

Соның менен бирге, додалаўда сенаторлар тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў тараўында айырым кемшиликлер сақланып қалып атырғаны да атап өтилди.

Атап айтқанда, 2024-жылы республика бойынша судлар тәрепинен көрилген жынаят ислериниң анализи көрсеткениндей, Әндижан, Ташкент, Наманган, Сырдәрья ўәлаятларында коррупцияға байланыслы жынаятлар ақыбетинде мәмлекет мәплерине ең көп зыян жеткерилген, коррупцияға байланыслы жынаятлардың саны Әндижан, Наманган, Ташкент, Қашқадәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятларында артқан.

Коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын судланған шахслардың көпшилиги мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, денсаўлықты сақлаў, коммерциялық банклер ҳәм бәнтлик системасы хызметкерлерине туўра келеди.

Әдиллик министрлиги тәрепинен 2024-жылы 2 мыңнан аслам жойбарлардың 222 синде ямаса 11 процентинде 337 коррупциялық факторлар анықланған. Коррупциялық факторлардың көпшилиги Экономика ҳәм қаржы, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи, Аўыл хожалығы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрликлери тәрепинен киргизилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде анықланған.

Коррупцияға қарсы экспертизаға берилмеген жойбарлардың көпшилиги Инвестициялар, санаат ҳәм саўда (6), Энергетика, Аўыл хожалығы ҳәм Сыртқы ислер (5 тен) министрликлериниң үлесине туўра келеди.

Коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийетин халық арасында түсиндириўге қаратылған үгит-нәсият илажлары жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмеген.

Додалаў процесинде Сенат ағзалары тәрепинен Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысын буннан былай да жетилистириўге қаратылған бир қатар усыныслар билдирилди. Атап айтқанда:

– коррупцияға байланыслы жынаятларды таллаў арқалы жынаятлар көрсеткиши артқан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде кешиктирип болмайтуғын илажлар белгилеў;

– коррупция ҳаққында хабар берген шахсларды хошаметлеў системасы бойынша үгит-нәсият жумысларын жеделлестириў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ишки қадағалаў структуралары хызметкерлерине қосымша ўазыйпалар жүклениўиниң алдын алыў;

– ишки қадағалаў структуралары тәрепинен қадағалаў илажларының турақлы түрде өткерилиўин тәмийинлеў, әдеп-икрамлылық комиссияларының жумысын күшейтиў.

Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Олий Мажлис Сенатының 10-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў мәселеси де көрип шығылды.

Сенаттың тийисли қарарына тийкарланып Алишер Усмонов бес жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының биринши орынбасары – судлаў коллегиясының баслығы лаўазымына сайланды.

Икром Муслимов Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының биринши орынбасары – судлаў коллегиясының баслығы лаўазымынан, Нодира Ҳакимова Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан босатылды.

Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарлары да тастыйықланды.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 16 мәселе, соның ишинде, 9 нызам көрип шығылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенаты

Мәлимлеме хызмети