Әдиллик системасына байланыслы усыныслар таныстырылды

549

 

Президент Шавкат Мирзиёев әдиллик системасында мәмлекетлик хызметлерди кеңейтиў илажларына байланыслы презентация менен танысты.

Кейинги сегиз жылда әдиллик жумысын жаңаша шөлкемлестириў ушын 70 ке шамалас нызам ҳәм қарарлар қабыл етилди. Системаны халыққа жақынластырыў ушын 20 дан аслам қосымша ўәкилликлер берилди. Аймақларда 202 Мәмлекетлик хызметлер орайы қурылды. Бүгинги күнде 500 ден аслам мәмлекетлик хызметлер “бир айна” принципи тийкарында көрсетилмекте. Бурын саатлап, күнлеп күтилген мағлыўматлар ҳәзир 5-10 минутта алынып атыр.

Бирақ бул бағдарда еле исленетуғын жумыслар көп. Мәмлекетлик уйымлар арасында электрон бирге ислесиўдиң жетерли емеслиги бюрократиялық тосқынлықларға себеп болмақта. 200 ден аслам мәмлекетлик хызмет елеге шекем ески усылда көрсетилмекте. Шетки аймақларда халықтың хызметлерден еркин пайдаланыў имканияты шекленген.

Сонлықтан, презентацияда мәмлекетлик хызметлерди буннан былай да көбейтиў ҳәм әпиўайыластырыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Режеге бола, келеси үш жылда мәмлекетлик хызметлер 900 ге жеткериледи. Жылына 80 хызмет “3 қәдем” принципи тийкарында әпиўайыластырылады. Халық көп жайласқан орынлар ҳәм алыс мәҳәллелерде 1 мың 100 интерактив киоск орнатылады.

Пуқаралардан 30 түрдеги ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етиледи. Атап айтқанда, ПҲАЖ уйымында некелениўши шахслардың медициналық тексериў нәтийжелери, қорғаныў бөлимлеринде әскерий хызметке мәжбүрлердиң жасаў орны өзгергени ҳаққындағы ҳүжжет соралмайды, бул мағлыўматлар мәлимлеме системалары арқалы онлайн алынады.

Бүгинги күнде нотариуслар адамларға 80 нен аслам түрдеги хызмет көрсетпекте. Бирақ онлайн хызметлердиң үлеси оғада аз – 11 процент.

Мәмлекетимиз басшысы санластырыў арқалы пуқараларға қолайлықларды арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти. 2025-2027-жылларда басқышпа-басқыш 20 нотариал ҳәрекет онлайн рәсмийлестириўге өткерилетуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, нотариал хызметлер көрсетиўде шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң түп нусқасын талап етиў бийкар етилип, оны “FACE-ID”  арқалы анықлаў тәртиби жолға қойылады.

Хадича Сулайманова атындағы Республикалық суд-экспертиза орайында 64 түрдеги экспертиза хызметлери өткерилмекте. Бирақ аймақларда буның ярымы да жоқ.

Соның ушын экспертиза бойынша жаңаша қатнас жасаў, аймақлық экспертиза орайларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў, бул арқалы олардағы экспертиза түрлерин қосымша түрде 15 тен 25 ке шекем көбейтиў ўазыйпасы қойылды.

Экспертизаның жаңа түрлерин енгизиўде санлы технологиялар, инсан факторы жоқ бағдарламалардан кеңнен пайдаланылады. Сорастырыў, тергеў уйымлары ҳәм экспертиза мәкемелери арасындағы ҳүжжетлер алмасыў толық электрон түрге өткериледи. Автоавария орнын 3D моделлестириў, видеотехника ҳәм фототехника экспертизасы сыяқлы жаңа хызметлер енгизиледи.

Мәмлекетлик емес суд-экспертиза жумысын кеңейтиў, суд эксперти сыпатында өз алдына бюро ашқан ҳалда еркин жумыс жүргизиўге руқсат бериў, Өзбекстан Суд экспертлери палатасын шөлкемлестириў бойынша усыныслар мақулланды.

Адамлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў да әҳмийетли. Усы мақсетте “Ақыллы үгит-нәсиятлаў” тийкарында халық ҳәм исбилерменлерге жаңа ҳүжжетлер ҳаққындағы мағлыўматларды мәнзилли түрде, электрон системалар арқалы жеткерип бериў жолға қойылады. Нызамшылықты қәнигелердиң қатнасыўында әпиўайы тилде түсиндирип баратуғын “Adliya TV”  интернет бети иске қосылады.

Реформаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкерлердиң белсендилиги, жуўапкершилиги, ўәкилликлерин буннан былай да арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Сонлықтан, өз тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы министрликлер ҳәм уйымлар жанындағы уйымларға да уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етиў ўәкиллиги бериледи.

Бундай ҳүжжетлерди қабыл етиў, мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби ҳәм мүддетлери әпиўайыластырылады. Нәтийжеде уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўдиң орташа мүддети 2 есеге қысқарады.

Презентация жуўмағында бул усынысларды әмелге асырыў бойынша пәрман ҳәм қарарларға қол қойылды.

ӨзА