Шолпан-Атада Орайлық Азия энергетиклериниң жумысшы тәртиптеги мәжилиси болып өтти

124

Орайлық Азияда энергетика тараўындағы бирге ислесиў ҳәм турақлылықты тәмийинлеў жолында бир қатар әҳмийетли жумыслар әмелге асырылмақта. Қырғыз Республикасының Шолпан-Ата қаласында региондағы электр энергетика шөлкемлериниң ўәкиллериниң қатнасыўында болып өтип атырған жумысшы тәртиптеги мәжилис те бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе.  

Жумысшы тәртиптеги мәселелерге бағышланған дәслепки мәжилисте Өзбекстан, Тәжикстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстаннан энергетика шөлкемлериниң қәнигелери қатнасты. Россия Федерациясының энергетика шөлкемлериниң ўәкиллери болса илажда бақлаўшы сыпатында қатнасты.

Қырғыз Республикасының “Миллий электр тармақлары” компаниясы басшылық етип атырған бул илажда 2025-2026-жылдың  гүзги-қысқы мәўсиминде Орайлық Азия электр энергетика айланба системасында электр тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеў мәселелериниң додаланыўына айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, каскадлы өшиўлердиң алдын алыў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин тармаққа жалғаў ҳәм оларды нәтийжели эксплуатациялаў жоллары, 2025-жылғы вегетация дәўириниң жуўмақлары ҳәм 2026-жыл мәўсиминде суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў перспективалары көрип шығылды.

Илаждың биринши күнинде Муўапықластырыў комиссиясының 46-мәжилиси де өз жумысын баслады. Онда “Өзбекстан миллий электр тармақлары” акционерлик жәмийетиниң қәнигелери де қатнасты.

Мәжилисте “Өзбекстан МЭТ” АЖ Системалы хызметлер бас басқармасының баслығы Зафар Жўраевтың атап өткениндей, бул сөйлесиў региондағы мәмлекетлер ушын тек ғана техникалық ямаса тараўлық мәселелерди шешиў майданы болып қалмастан, ал стратегиялық бирге ислесиўди тереңлестириў имканиятын да жаратады. Орайлық Азия мәмлекетлери өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм тәжирийбе алмасыў нәтийжесинде улыўма энергетикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, турақлы раўажланыўға хызмет ететуғын жаңа жойбарларды әмелге асырыў имканиятына ийе болады.

Жәмийет мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, халықаралық илаж бүгин де өз жумысын даўам еттиреди. Онда Орайлық Азия мәмлекетлери электр энергетика компаниялары ҳәм миллий диспетчерлик орайларының басшылары гезектеги мәжилис бағдарламасы шеңбериндеги мәселелерди додалайды.

                                                     ӨзА