Елимизде “Музейлер ҳәптелиги” болып өтпекте

Мәмлекетимизде Мәдений мийрас агентлиги системасындағы музей ҳәм музей-қорықханаларда “Музейлер ҳәптелиги” болып өтпекте.
Бул ҳәптелик даўамында Агентлик системасындағы жәми 114 мәмлекетлик музей ҳәм музей-қорықханаларға ўатанласларымыз бийпул барыў имканияты жаратылған.
“Музейлер ҳәптелиги” даўамында ўатанласларымыз миллий музей фондында сақланып атырған сийрек ушырасатуғын экспонатлар ҳәм баҳалы коллекциялар менен жақыннан танысып, бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасымыздан заўықланбақта.

Бул илаж Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 12-апрельдеги “Өзбекстан Республикасының “Музейлер ҳаққында”ғы Нызамын әмелге асырыў ушын зәрүр болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында”ғы 68-санлы қарарына муўапық ҳәр жылы шөлкемлестирилип келинбекте.
Жоқарыда келтирилгениндей, Мәдений мийрас агентлиги системасында 114 мәмлекетлик музей жумыс алып бармақта. Соннан 37 си тийкарғы музей, 71 музей филиаллары ҳәм олардан 6 сы музей-қорықхана болып есапланады.
Мағлыўматларға бола, туристлер ең көп барған музейлер беслиги анықланған. Оған бола, “Самарқанд” мәмлекетлик музей-қорықханасы, “Регистон” тарийхый комплекси, “Шон-шараф” мәмлекетлик музейи, “Бухара” мәмлекетлик музей-қорықханасы, “Ийшан қала” мәмлекетлик музей-қорықханасы ең көп туристлер келетуғын орынлар қатарына киреди.
Мәмлекетимизде жылдан-жылға ишки туризм потенциалы ҳәм сырт ел туристлериниң санының артып барыўы республикамыз тарийхы ҳәм мәдений мийрасының тартымлылығынан дәрек береди.
Н.Усмонова,
ӨзА хабаршысы