Өзбекстанның жаңа елшиси Ливан Президентине исеним жарлықларын тапсырды

110

Өзбекстанның Ливандағы жаңадан тайынланған елшиси Абдусалом Хатамов (резиденциясы Масқат қаласында жайласқан) усы мәмлекет Президенти Жозеф Аунга исеним жарлықларын тапсырды, деп хабар бермекте “Дунё” МА хабаршысы.

Рәсмий мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Президент Жозеф Аун Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа Ливан менен еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў мақсетинде елши тайынлағаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди ҳәм сәлемин жоллады.

Өзбекстан елшиси, сондай-ақ, Ливан сыртқы ислер министри Юсуф Ражжи менен ушырасты.

Тәреплер Ливан ҳәм Өзбекстан арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық байланысларды раўажландырыўдан мәпдар екенин билдириў менен бирге, ҳәр қыйлы дәрежедеги еки тәреплеме сапарларды шөлкемлестириў, мәденият күнлерин өткериў ҳәм өз-ара туристлер ағымын арттырыўға қаратылған илажлар шөлкемлестириў усынысларын қоллап-қуўатлады.

Еслетип өтемиз, Абдусалом Хатамов 2024-жыл 4-февраль күни Өзбекстанның Омандағы елшиси сыпатында Маскат қаласына барған еди. 2024-жылдың март айында болса ол Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саидке исеним жарлықларын тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги