Дүнья брендлери менен қарым-қатнас миллий былғары санаатының раўажланыўына хызмет етеди

134

Бүгин Өзбекстан былғары санаатында қандай өзгерислер болып атыр? Сораўға кең көлемли жуўап бериў мүмкин. Бирақ ҳәзир тараў жетискенликлерин сәўлелендиретуғын айырым тәреплерине итибарыңызды қаратамыз.

Кейинги жыллары терини қайта ислеў қуўатлықлары бираз кеңейтилди, заманагөй технологиялар енгизилди, өндиристе экологиялық талапларға қатаң әмел етиў системасы жолға қойылды. Ең әҳмийетлиси, мәмлекет тәрепинен экспортқа жарамлы өнимлер таярлаўға қаратылған бир қатар жеңилликлер берилди.

Нәтийжеде елимиздиң былғары өнимлери регионда өз орнын тапты. Бүгин жәҳән базарына да шығып бармақтамыз. Экспорт көлеми жыл сайын артып баратырғаны, глобал брендлер менен дүзилип атырған шәртнамалар бул пикиримизди анық дәлиллейди.

Қытайдың Шанхай қаласында “All China Leather Exhibition (ACLE-2025)” халықаралық көргизбеси шөлкемлестирилди. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң басламасы ҳәм “Ўзчармсаноат” ассоциациясы менен биргеликте мәмлекетимиз делегациясы усы абырайлы илажда қатнасты. Онда бир қатар ири компаниялар менен әҳмийетли келисимлерге ерисилди.

Ең әҳмийетлиси, Азия континентинде балалар аяқ-кийими ислеп шығарыў бойынша жетекши есапланған “Dr. Kong” бренди енди өз өнимлери ушын былғарына Өзбекстаннан сатып алатуғын болды. Бул келисим тек ғана жаңа экспорт бағдары емес, ал мәмлекетимиз былғары өнимлериниң сапа жағынан халықаралық стандартларға жуўап беретуғынын да тастыйықлайды.

Соның менен бирге, Қытайдың “Zhenchang Piye Ltd.” компаниясы да елимиздиң “Hamkor Nur Savdo” кәрханасы менен бирге ислесиўди жолға қойды. Демек, енди өзбек териси бир ўақыттың өзинде ҳәм балалар, ҳәм ер адамлар аяқ кийимин ислеп шығарыўда қолланылады.

Түркияның “Tesa Deri” компаниясы менен дүзилген келисим болса экспорт көлемин кеңейтиў жолында және бир әҳмийетли қәдем болып есапланады. Сондай-ақ, Италиядағы “Goodwill Srl” менен сөйлесиўлер алып барылып, Европа базары ушын таяр желатин өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў имканиятлары додаланды.

Германияның белгили аяқ кийим ислеп шығарыўшысы “Rieker Entwicklungs GmbH” де өзиниң жеткерип бериў шынжырына Өзбекстан өнимлерин қосыў нийетин билдирди. Егер бул жойбар әмелге асса, елимиздиң былғарысы Европадағы ең абырайлы аяқ кийим брендлеринен бириниң қурамына киреди.

Ҳиндстанның “Tata International Limited” ҳәм “KF Exports” компаниялары да өзбек терисине қызығыўшылық билдирди. Әсиресе, Тата бүгинги күнде Zara, H&M, Armani сыяқлы дүнья гигантларының исенимли шериги екенин есапқа алсақ, бул келисим мәмлекетимиз ушын үлкен әҳмийетке ийе.

ACLE-2025 көргизбеси Өзбекстан ушын әпиўайы коммерциялық майдан емес, ал жаңа имканиятлар есиги болды. Dr. Kong, Rieker, Tata сыяқлы абырайлы компаниялардың өз тәмийнат шынжырында өзбек терисине орын бериўи – бул тараўда алып барылып атырған реформалардың нәтийжеси ҳәм миллий өнимлеримизге болған исенимниң артып атырғанынан дәрек береди.

Бүгинги күнде былғары санааты тек ғана экономикалық раўажланыў факторы емес, ал мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын беккемлейтуғын әҳмийетли тармаққа айланбақта.

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАныӊ хабаршысы