Жәҳән саўда шөлкемине қарай әҳмийетли қәдем

133

Күни кеше Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында “Базар реформалары ҳәм Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағзалығы және де жеделлестирилиўи мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы сенаторлар тәрепинен қызғын додаланып, бир аўыздан қабыл етилди. Кең жәмийетшилик, қәнигелер, экспертлер буны унамлы, ЖСШға қарай тасланған исенимли қәдем сыпатында қабыл етпекте.

Бизге белгили, Өзбекстан өз ғәрезсизлигиниң дәслепки жылларында, еле узақ 1994-жылы-ақ ЖСШға ағза болыў ушын арза тапсырған еди. Бирақ түрли себеплерге бола бул мәселе кейинге қалдырылды. 2017-жылға келип Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бул мәселени және күн тәртибине қойды ҳәм жумыслар жаңадан баслап жиберилди. Избе-из қарарлар, пәрманлар қабыл етилди.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ) не ағза болыўы мәселеси көпшиликтиң дыққат орайында тур.

Сораў туўылады, бул шөлкемге ағза болыў Өзбекстанға не береди?

Бул базарға кирмекши болған мәмлекет қандай шәртлерди орынлаўы керек?

Бәринен бурын, Жәҳән саўда шөлкемине қосылыўдың үш әҳмийетли шәрти бар екенлигин атап өтиў керек. Бириншиси, халықаралық саўданы либералластырыў, екиншиси – шөлкемге ағза мәмлекетлер арасындағы саўда келисимлериниң жәриялылығын тәмийинлеў ҳәм үшиншиси – мәмлекетлераралық бәсеки орталығын шөлкемлестириў.

Демек, Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ)ниң түп мәниси түрли мәмлекетлер, регионлар арасында ҳадал саўданы жолға қойыў ҳәм соның менен бирге раўажланыў жолына тосқынлық етип атырған монопол компаниялардың тамырына балта урыўдан ибарат.

Бул – Өзбекстан ушын үлкен пайда, дегени.

ЖСШ киши, имканиятлары шекленген структура емес. Бүгинги күнде оған дүньяның 164 мәмлекети ағза. Глобал саўда ҳәм дүнья жалпы ишки өниминиң дерлик 98 проценти усы мәмлекетлердиң үлесине туўра келиўиниң өзи көп нәрсени аңлатады.

Жоқарыда айтқанымыздай, ЖСШға ағза болыў ушын биринши гезекте, талабан мәмлекеттиң экономикасы еркин болыўы ҳәм дүнья базары ушын есиклери ашық болыўы керек. Соның менен бирге, мәмлекеттиң экономикаға араласыўы жүдә аз болыўы, тутыныўшылардың ҳуқықларын шеклейтуғын монопол компанияларды кескин азайтыў зәрүр болады. Шөлкемниң толық ағзасы болыў ушын бул талапларды орынлаўдан тысқары, және мәмлекет өз нызамларын Жәҳән саўда шөлкеминиң талапларына бейимлестириў де шәрт.

Соны айрықша атап өтиў орынлы, Өзбекстан ЖСШға ағза болыў жолында исенимли, пуқта ойланған мақсетлер менен бармақта. Ядымызда, конституциялық реформалар ўақтында 67-статьяға әне, усы мақсетти гөзлеп өзгерис киргизилген еди.

Олий Мажлис Сенаты тәрепинен қабыл етилген “Базар реформалары ҳәм Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағзалығы және де жеделлестирилиўи мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамға бола болса Өзбекстандағы бар нызамшылық нормалары Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине муўапықластырылды.

Нызамда металл бөлеклери ҳәм шығындыларды қайта ислеў және тәбийғый газ саўдасын лицензиялаў арқалы бәсекини күшейтиў, жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў ҳәм ресурслардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў нәзерде тутылғаны.

ЖСШға ағза болыўдың әҳмийетли шәртлеринен және бири жеңилликли – эксклюзив ҳуқықларды бийкарлаў болып табылады. Бизге белгили, ЖДСШның Тарифлер ҳәм саўда бойынша бас келисиминде ағза мәмлекетлер саўдадағы тарифлер ҳәм шеклеўлерди азайтыў ҳәм халықаралық саўдада кемситиўши қатнасты сапластырыўы зәрүр екенлиги белгиленген.

Усы талапқа муўапық 2024-жыл 3-июньде Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Базар реформаларын және де жеделлестириў ҳәм гезектеги илажлар ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилген еди. Пәрман менен айырым хожалық субъектлерине берилген арнаўлы жеңилликли (эксклюзив) ҳуқықлар бийкар етилди.

Атап айтқанда, 2025-жылдың 1-январынан “Өзметкомбинат” акционерлик жәмийетиниң республика аймағында қара металл бөлеклери ҳәм шығындыларын таярлаў (сатып алыў) бойынша жеңилликлери ҳәм “Өзекилемши реңли металл” акционерлик жәмийетиниң реңли металл бөлеклери ҳәм шығындыларын таярлаў, экспорт етиў бойынша эксклюзив ҳуқықлары өз күшин жойытқан.

2026-жыл 1-июльден “UzGasTrade” акционерлик жәмийетиниң тәбийғый газди бирден-бир экспорт етиўши ҳәм импорт арқалы сатып алыўшы оператор сыпатындағы ҳуқықы ҳәм “Өзэнергосатыў” акционерлик жәмийетиниң электр энергиясын экспорт ҳәм импорт етиўдеги орайласқан ҳуқықлары да бийкар етиледи.

Қабыл етилген нызамның және бир әҳмийетли тәрепи бар. Оған бола мәмлекет тәрепинен берилип атырған айырым жеңиллик – эксклюзив ҳуқықлар бийкар етиледи. Бул жумыс бойынша лицензиялаў тәртип-қағыйдаларының енгизилиўинен келип шығып “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы және “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамларға қара ҳәм реңли металл ломлары менен шығындыларын таярлаў (сатып алыў), қайта ислеў ҳәм реализациялаў және тәбийғый газдиң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы бойынша жумысты әмелге асырыў ушын лицензиялаў тәртибин енгизиўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул болса өз-өзинен исбилерменлик субъектлери арасында таза, ҳадал бәсеки орталығын жаратыўға кең жол ашады.

Буннан тысқары, Нызам менен қара ҳәм реңли металл бөлеклери және шығындыларын таярлаў, қайта ислеў ҳәм реализациялаў жумысы буннан былай лицензия тийкарында әмелге асырылады. Лицензия алыў ушын мәмлекетлик бажының муғдары базалық есаплаў муғдарының 30 есеси етип белгиленди. Соның менен бирге лицензиялаў қағыйдаларын бузғаны ушын юридикалық тәреплерге қолланылатуғын жәриймалардың ең жоқары муғдары да нызамда белгилеп қойылды. Енди лицензиялаў тараўында ҳуқықбузарлар БЕМның 300 есеси муғдарында жәрийма төлейди.

Ең әҳмийетлиси, бул нызам экономикамыздың ең әҳмийетли буўынына, қара ҳәм реңли металл бөлеклери ҳәм шығындылары, тәбийғый газ саўдасы тараўына жеке меншик секторды ҳәм инновацияларды тартыўға, сондай-ақ, бәсеки ҳәм ашық базар орталығын жаратыўға тийкарғы фактор болады.

Нызамда Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 6-январьда қабыл етилген “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамының қосымшасына тийисли өзгерис ҳәм қосымша киргизилгени болса, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы базарында бирден-бир ҳәм әдил шараятлар жаратылыўына тийкар жаратады.

Қуўаныш пенен айтыў мүмкин, бул Нызам Өзбекстанды ЖСШға және де жақынластырады. Онда белгиленген өзгерислер тек ғана Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын емес, ал ишки базарда саламат бәсеки орталығын да беккемлейди. Булардың барлығы еркин базар ушын оғада әҳмийетли фактор болып есапланады.

Қәнигелер ҳәр бир мәмлекеттиң ЖСШға қосылыўын уллы дәрьяның океанға түсиўине теңейди. Океанның имканиятлары қаншелли шексиз екени болса ҳәммеге белгили. Өзбекстан деп аталған уллы дәрьяның сарқырап океанға қосылыў мәўритлери күн сайын жақынласып атырғаны бәршемизге мүбәрек болсын.

Абдусаид Кўчимов,

Олий Мажлис Сенаты ағзасы