«Ақсақал» театрымыз өзиниң 100 мәўсимин баслады

Бүгин республикамыздың мәдений турмысында умытылмас тарийхый сәне. Себеби, 5-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры өзиниң 100-мәўсимин салтанатлы түрде ашты.
Бир әсирлик бай тарийхқа ийе сахна – бул көркем өнердиң руўхы, халық қәлбиниң жаңғырығы, мыңлаған тамашагөйлер қәлбинде өшпес из қалдырған муқаддес дәргай есапланады.
Илаж көтериңки руўхта, қызғын ҳәм жақсы тилеклер менен басланды. Онда усы театрдың директоры П.Мамутов шығып сөйлеп, жүз жыл ишинде театрдың басып өткен даңқлы жолы, оның көркем өнер раўажланыўындағы орны ҳәм бүгинги әўладқа қалдырған бийбаҳа мийрасы ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, театрды кең жәмийетшиликке танытыўда өз дөретиўшилиги менен қатнасқан пидайы көркем өнер шеберлериниң машақатлы мийнетин ҳәм кәсипке садықлығын ҳүрмет пенен тилге алды.
Ашылыў мәресиминде тек ғана театр басшылары емес, ал сахнаның ҳақыйқый пидайылары – устаз актёр ҳәм актрисалар да шығып сөйледи. Олар өзлериниң еске түсириўлери, театр сахнасында өткен өмир жоллары, дәслепки рольлери, устаз-шәкирт дәстүрлери ҳаққында кең түрде сөз етип, олардың ҳәр бир сөзинде сахнаға, көркем өнерге, тамашагөйге болған шексиз муҳаббат, мақтаныш сезилди.
Илаж даўамында жыллар даўамында театрда жемисли мийнет еткен пидайы көркем өнер шеберлерине Миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Бул тек ғана тән алыў емес, ал жаңа әўлад ушын руўхый көпир, уллы көркем өнер мектебине садықлық белгиси болды.
Салтанатлы ашылыўдан соң театр сахнасында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қ.Заретдиновтың «Назлымхан сулыў» балети тамашагөйлер итибарына усынылды. Балеттиң гөззал сахналастырылыўы, нәзик аяқ ойынлар ҳәм музыканың ырғақлары менен үйлескен сахналық көринислер мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Әсирлик тарийхқа ийе болған театрдың бүгинги жағдайы – бул пидайылық, шеберлик ҳәм садықлық пенен безелген руўхый мийнеттиң жемиси болып есапланады. Солай етип, «ақсақал» театрымыз өзиниң жаңа мәўсимине үлкен дөретиўшилик режелер, жаңа сахналық шығармалар ҳәм садық тамашагөйлер менен бирге исенимли қәдем қоймақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы