«Бес баслама олимпиадасы» жасларды бирлестирди

96

Азаннан Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» жаслар фестивалы шеңберинде кең көлемли илажлар басланды. Фестиваль оқыўшы, студент ҳәм жәмлеспеген жасларды бирлестирип, олардың билим, шеберлик ҳәм потенциалын көрсетиўде әҳмийетли майданға айланды.

Дәслеп, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Саламатлық ушын 5000 қәдем» жойбары шеңберинде жүриў марафоны өткерилди. «Дослық» каналы бойында болып өткен бул илажда мыңнан аслам кеўилли жаслар қатнасты.

Фестиваль бағдарламасынан интеллектуаллық ҳәм мәдений бағдардағы илажлар да кең орын алды. Республикалық «Жаслар орайы»нда «Мунозара» интеллектуаллық ойыны шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, «Дослық» амфитеатрында шахмат ҳәм шашка бойынша жарыслар өткерилди. Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болса сүўретлеў көркем өнери таңлаўы ҳәм «Ректор ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Ушырасыў даўамында студентлер билимлендириў процесин жетилистириў ҳәм бос ўақытты нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы усыныс ҳәм басламаларын билдирди.

Жаслардың социаллық белсендилигин арттырыў мақсетинде Республикалық «Жаслар орайы» медиа орайында «Қызлар ҳаўазы» жойбары шеңберинде белсенди қызлар менен ушырасыў өткерилди. Онда ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.

Фестиваль шеңберинде «Бос жумыс орынлары» мийнет ярмаркасы да шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, «Китапқумарлар кешеси», «Заковат» интеллектуаллық ойыны ҳәм «Жас художниклер көргизбеси» жаслардың қатнасыўында жоқары дәрежеде өтти.

Соның менен бирге, спортқа қызығыўшы жаслар ушын армрестлинг, воркаут ҳәм стол тенниси бойынша жарыслар өткерилди. Арқа-батыс әскерий округиниң қатнасыўында қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар көргизбеси де шөлкемлестирилди. Фестивалдың және бир үлкен илажы – «Жас дизайнерлер» шығыўы болып, онда қәбилетли жаслар өз дөретиўшилик жумыслары ҳәм жойбарларын усынды.

Салтанатлы мәресим жуўмағында жаслар фестивалында қатнасқан барлық талантлылар ҳәм жеңимпазларды бирлестирген гала-концерт шөлкемлестирилди. Онда жаслар өз дөретиўшилиги, қәбилети ҳәм жаңа идеяларын көрсетип, тамашагөйлерге көтериңки кейпият бағышлады.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

Автордың түсирген сүўретлери