Бас прокурор: 11,2 миллиард сумлық мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер талан-тараж етилгени анықланды

137

Сенаттың оныншы жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының прокуратура уйымларының 2024-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.

Бул мәселе бойынша шығып сөйлеген Бас прокурор Ниғматилла Йўлдошев прокуратура уйымлары тәрепинен есап бериў жылында социаллық тараўдағы нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў бағдарында халықты социаллық қорғаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылғанын атап өтти.

– Атап айтқанда, 489 пуқараға 3,8 миллиард сумлық кешиктирилген мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлер өндирип берилди, – деди Н.Йўлдошев. – 11,2 миллиард сумлық мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер талан-тараж етилгени анықланып, тийисли шаралар көрилди. Экономикалық тараўда нызамшылықты беккемлеў, әсиресе, инвестициялық бағдарламалардың орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў, энергия ресурсларының талан-тараж етилиўиниң алдын алыў, “жасырын” экономика қәлиплесиўиниң ҳәр қыйлы усыллары менен каналларын анықлаў ҳәм оларға шек қойыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Исбилерменлер ҳәм сырт ел инвесторларының 29 мың 451ине нызам үстинлиги, сондай-ақ, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарында әмелий жәрдем көрсетилди.

Прокурорлардың суд процесслериндеги қатнасыўы, коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында көрилип атырған илажлар, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, тергеў ҳәм оператив-излеў жумысы бойынша әмелге асырылған жумысларға айрықша итибар қаратылды.

Бул мәселе бойынша пикир билдирген Сенат Баслығы Танзила Норбоева буннан бир неше жыл бурын билимлендириў системасында, мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында коррупция дәрежеси жоқары болғанын атап өтти. Оған шек қойыў ушын Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси шеңберинде Бас прокуратура менен биргеликте системалы жумыслардың әмелге асырылғаны нәтийжесинде әне усы бағдарларда коррупция жағдайлары кескин азайды. Бул бағдардағы жумысларды және де күшейтиў ҳәм тереңлестириў зәрүр.

Сенаторлардың коррупция жағдайлары ҳаққында хабар берилгенде қандай илажлар көрилиўи, хабар берген шахслардың қорғалыўы қалай тәмийинлениўи ҳаққындағы сораўларына жуўап бергенде Бас прокурор бундай жағдайларда тезлик пенен зәрүр илажлар көрилип атырғанын мәлим етти. Хабар тастыйықланғаннан соң, айыпкерлерге жынаят ислери қозғатылмақта. Әҳмийетлиси, бундай хабарларды прокуратура уйымларына жибериў ушын зәрүр имканиятлар жаратылған. Исеним телефоны, коррупция ҳаққында хабар бериўге мөлшерленген ботлар иске қосылған. Хабар бериўшилердиң шахсы сыр сақланады, қорғалыўы тәмийинленеди.

Сенаторлар тәрепинен прокуратура уйымлары жумысының айырым бағдарларында қадағалаўды буннан былай да күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, халықтың денсаўлығын сақлаў, репродуктивлик саламатлығын қорғаў, қалаберди, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў бағдарында өткерилген қадағалаў илажлары жетерли нәтийже бермегени, аналар өлими саны Қарақалпақстан Республикасы, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларында артқаны сынға алынды.

Жынаятшылыққа қарсы гүресиў, мәмлекетте криминоген жағдайдың турақлылығын сақлаў, оператив-излеў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў жумысын алып барыўда да кемшиликлер бар екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, жүз берген 67 мыңнан аслам жынаятлардың дерлик 62 процентин алдын алыў мүмкин болған жынаятлар қураған.

Бундай жынаятлардың улыўма жынаятшылық көрсеткишиндеги үлеси Ферғана ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында 65 процентке, Наманганда болса дерлик 70 процентке жеткен.

Сенаторлар прокуратура уйымлары тәрепинен денсаўлықты сақлаў, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў, репродуктивлик саламатлықты, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға байланыслы нызамшылықтың орынланыўы үстинен тәсиршең қадағалаў орнатыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеў бағдарында қадағалаўды және де күшейтиў бойынша усыныслар берди.

Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

 

ӨзА